Социаллық мәселелерге байланыслы нызамлар додаланды

Сенаттың Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитетиниң мәжилисинде “Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў ҳаққында”ғы нызам бойынша комитеттиң жуўмағын тастыйықлаў мәселеси көрип шығылды.
Нызам халықтың социаллық қорғалыўын буннан былай да күшейтиў мақсетинде ислеп шығылғаны атап өтилди. Онда мәмлекетлик социаллық қамсызландырыўдың әмел етиўи, қамсызландырыў ҳәдийсеси, қамсызландырылған шахстың, қамсызландырыўшының, қамсызландырылыўшының ҳуқық ҳәм миннетлемелери беккемленген.
Нызамда мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў қаржыларының дереклери, қамсызландырыў төлеми ставкасы, қамсызландырыў төлемлерин төлеўшилер, мәмлекетлик социаллық қамсызландырыўдың финанслық турақлылығының мәмлекетлик кепилликлери, мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў бойынша төлемлерди тайынлаў ҳәм әмелге асырыў сыяқлы бир қатар мәселелер нәзерде тутылған.

Комитет ағзалары ҳәм экспертлер тәрепинен бул нызамның айырым нормаларын қайта көрип шығыў ҳәм әмелдеги нызамшылық ҳүжжетлерине муўапықластырыў зәрүр екенлигине итибар қаратылды.
Ҳүжжетте ўәкилликли уйымның ўәкилликлери ҳәм ўазыйпалары ашып берилмегени, социаллық кепилликлер жетерли дәрежеде белгиленбегени, қамсызландырыў төлеми ставкасы, қамсызландырыў төлемин есаплаў мүддетлери ҳәм тәртиби, қамсызландырыў төлемин төлеў бойынша кешиктириў (бөлип-бөлип төлеў) имканиятын бериў тәртиби, мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў бойынша төлемлердиң муғдарлары ҳәм дәўирлери сәўлелендирилмегени атап өтилди.
Додалаўлар жуўмағында бул нызамды қайта көрип шығыў зәрүр екенлиги ҳаққындағы жуўмақты Сенат кенгашине киргизиў бойынша комитет қарары қабыл етилди.

Мәжилисте “Социаллық жумыс ҳаққында”ғы нызам да додаланды. Нызамның мақсети социаллық жумыс тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат екенине айрықша итибар қаратылды.
Нызамда социаллық жумыс тараўындағы тийкарғы түсиниклер сәўлелендирилген болып, социаллық жумыс тараўының тийкарғы принциплери, социаллық жумысты шөлкемлестириў, социаллық жумыс тараўын тәртипке салыў, социаллық хызметлер ҳәм социаллық жәрдем тараўындағы мәмлекетлик қадағалаў, социаллық хызметкердиң миннетлемелери, социаллық хызметкер жумысының кепилликлери белгилеп берилип атырғаны атап өтилди.
Мәжилис жуўмағында нызам бойынша мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар және экспертлердиң усыныслары тыңланды. Толық үйрениўлерден соң комитеттиң тийисли қарары қабыл етилди.
Н.Абдураимова,
ӨзА