“Басламалы бюджет”ке даўыс бериў қашан басланады? (+видео)

188

Быйылғы “Басламалы бюджет”тиң 2-мәўсимине 15-июль күнинен старт берилип, 3-август күнине шекем усыныс бериў басқышы жуўмақланды. 4-18-август күнлери сайлап алыў басқышы болып өтти. 3 күнлик үгит-нәсиятлаў басқышынан соң, 22-августтан даўыс бериў басқышына старт бериледи.

Гезектеги қызғын басқыш ҳәм усыныс етилип атырған жойбарлар, ажыратылып атырған қаржы ҳәм ең әҳмийетлиси бул процесслердиң барысы ҳаққында Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң жетекши қәнигеси Улуғбек Чориев пенен сәўбетлестик.

– “Басламалы бюджет”тиң әҳмийетли басқышы болған даўыс бериўде пуқараларымыз қайсы тәреплерге итибар қаратыўы керек?

– 15-июльден басланған “Басламалы бюджет”тиң екинши мәўсиминде республика бойынша 22 263 жойбар пуқаралар тәрепинен порталға келип түсти. Ҳәзирде оларды сайлап алыў басқышы жуўмақланды. Яғный, район-қалаларда шөлкемлестирилген жумысшы комиссия тәрепинен барлық келип түскен жойбарлар таңлап алыў басқышынан өткерилди. Олий Мажлис Сенаты тәрепинен тастыйықланған Режеге бола белгиленген нормалар тийкарында жойбарлар таңлап алынды.

22 263 жойбар ишинен 18 мыңнан асламы кейинги даўыс бериў басқышына өткерилди. Ҳәзирги ўақытта үгит-нәсиятлаў басқышы даўам етпекте. Яғный, интакерлер тәрепинен “биз даўыс бериў басқышына өттик, даўыс жыйнаймыз,” деп өзиниң мәҳәллеси, қоңсы-қобалары, туўысқанлары арасында үгит-нәсиятлайды.

Даўыс бериў процеси 10 күн даўамында өткериледи. 22-августтан 31-августқа шекем өткерилиўи режелестирилген.

ӨзА