Улыўма мәплер, тарийхый, мәдений ҳәм руўхый байланыслардың жаңа горизонтлары

Астана қаласында “Улыўма тарийхый-мәдений мийрас – бирге ислесиўдиң жаңа горизонтлары” атамасында Өзбекстан ҳәм Қазақстан илимий-дөретиўши зыялыларының биринши форумы болып өтти. Онда Өзбекстан парламенти делегациясы да қатнасты.
Илажда шығып сөйлеген Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Нарбоева Өзбекстан ҳәм Қазақстанды тек ғана улыўмалық мәплер емес, ал терең тарийхый, мәдений ҳәм руўхый тамырлар байланыстырып турғанын атап өтти.
Мәмлекет басшылары – Шавкат Мирзиёев ҳәм Қасым-Жомарт Тоқаевтың сиясий ерк-ықрары ҳәм ис-ҳәрекетлери себепли еки мәмлекет арасындағы дослық қатнасықлар, соның ишинде, гуманитарлық ҳәм мәдений байланыслар барған сайын беккемленбекте.

Форумда уллы ойшыллар, шайыр ҳәм илимпазлар, философлардың мийрасын қәстерлеп сақлаў ҳәм үгит-нәсиятлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, Астана қаласында Әлийшер Наўайыға, Ташкентте болса Абай Қунанбаевқа естеликлер орнатылған. Өзбекстанда Абай туўылған күниниң 180 жыллығына бағышланған еслеў илажларының өткерилгени еки мәмлекет бирге ислесиўиниң айқын үлгиси болып есапланады.
Илим ҳәм билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселеси де додаланды. Бүгинги күнге шекем Өзбекстан ҳәм Қазақстан жоқары билимлендириў мәкемелери арасында 280 нен аслам шәртнама ҳәм меморандумға қол қойылған. Биргеликтеги билимлендириў бағдарламалары жолға қойылған.
Билимлендириў күнлери ҳәм университет ярмаркалары өткерилмекте. Өзбекстанда қазақ тилинде қәнигелер таярланады ҳәм 400 ден аслам мектепте қазақ тили оқытылады.

Өзбекстан парламенти мәдений ҳәм илимий бирге ислесиўге қаратылған биргеликтеги басламаларды қоллап-қуўатлайтуғыны, бул бағдарда зәрүр нызамшылық ҳәм шөлкемлестириўшилик шараятлар жаратылатуғыны атап өтилди.
Қатнасыўшылар жаңа шараятларда мәдений туризм ҳәм креатив индустрияны раўажландырыў, жасларды жедел тартқан ҳалда фестивальлар, көргизбелер, кинофорумлар ҳәм басқа да гуманитарлық илажларды өткериў үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.
Форум Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасында гуманитарлық байланысларды беккемлеў, жаңа жойбарларды додалаў ҳәм еки мәмлекет зыялылары арасында пикир алысыў ушын әҳмийетли минберге айланды.
Форум шеңберинде еки халықтың уллы шайырлары, художниклери ҳәм илимпазларының илимий ҳәм дөретиўшилик мийрасынан үлгилер көргизбеси шөлкемлестирилди. Өзбек авторлары тәрепинен таярланған тарийхқа байланыслы китаплардың презентациясы өткерилди.
Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзАның хабаршысы