Көриўлер саны ҳәм рейтинг ушын балаларды “экспонат”қа айландырыў керек емес

136

Пикир

Бүгинги күнде мәлимлеме мәканы балалар ушын жаратылған контентлер менен толып-тасқан. Телевизиялық көрсетиўлер, социаллық тармақлар, YouTube каналлары ҳәм басқа да платформаларда балалардың қатнасыўындағы кеўилашар бағдарламалар көбеймекте. Бирақ бул контенттиң сапасы, онда әмел етилип атырған журналистикалық тийкарлар ҳәм ең әҳмийетлиси – балалар психологиясына ҳүрмет мәселелери ҳаққындағы додалаўлар елеге шекем жетерли дәрежеде исенимли алып барылмай атыр. Бул болса балалар журналистикасы тараўында терең машқалалардың бар екенлигин ҳәм сын көзқарастан таллаўды талап етпекте.

Балалар журналистикасы – айрықша талаплар ҳәм қәдириятларға ийе бағдар. Ол балаға сай сораўлар, қорғалған коммуникация, темаларды абайлылық пенен жарытыўды талап етеди. Бирақ әмелде көпшилик медиа жойбарларда бул талаплар бузылмақта. Айырым журналистлер баланы үлкенлер менен теңлестирип, әсиресе шаңарақлық сырларды ашып беретуғын сораўлар бермекте. Бул жағдай болса бала психикасының зыянланыўы, шаңарақлық келиспеўшиликлердиң келип шығыўы ҳәм бала келешеги ушын да кемситиўге уқсас машқалаларды келтирип шығармақта.

Ҳәзирги күнде балаларға арналған көплеген медиа жойбарларда көриўлер саны ҳәм рейтинг ушын журналистлик этикаға сәйкес келмейтуғын сораўлар да ушырасып турады. Онда мисли қызығыўшаӊ қоңсы сыяқлы баланың үйинде не жағдай екенин билиўге урынатуғын журналистлер де жоқ емес. Бул “жылаўсыз” сораўлар жеке турмыстың белгили бир бөлегин ашып бериўи менен тамашагөй ушын қызықлы. Бирақ бул психологиялық ҳәм кәсиплик итибарсызлықтан басқа нәрсе емес. Дурыс, айырым жағдайларда бундай сораўлар арқалы баланың ақкөкиреклиги ҳәм сораўларға балаларша жуўап бериўи менен қандай да бир тәбийғый орталықты сақлап қалыў мүмкин. Бала берилген сораўды барынша қабыл етеди ҳәм оған ҳеш қандай жалғанларсыз жуўап береди. Солай екен, бәринен бурын журналист өз жасы ҳәм ақылый көзқарасынан келип шығып емес, баланың руўхый дүньясына сәйкес келетуғын сораў таңлағаны мақсетке муўапық. Көриўлер саны ҳәм рейтинг ушын балаларды “экспонат”қа айландырыў керек емес.

Өзбекстандағы “Ғумша”, “Гулхан” сыяқлы журналлар балалар журналистикасының айқын үлгилери сыпатында көзге тасланады. Олар баланың психологиялық раўажланыўын есапқа алып, мазмун ҳәм форма жағынан пуқта исленген. Тилекке қарсы, бүгинги күнде бундай сапалы ҳәм интеллектуаллық өнимлердиң саны көп емес. Көпшилик медиа сапа орнына тезлик ҳәм ғалабалықты абзал көрмекте. Негизинде, балалар журналистикасы өз алдына үлкен тема. Онда жәрияланатуғын ҳәр бир материал қатаң қатнас жасаўды талап етеди. Балаларға бағышланған жойбарларда тараўда билим ҳәм көнликпеге ийе болған журналистлердиң жумыс алып барыўы арқалы тек ғана белгилиликке емес, ал мәниге де ислеген болар едик. Арнаўлы этика қағыйдаларын ислеп шығыў ҳәм қадағалаў арқалы мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер тәрепинен шығарылып атырған ҳәр бир медиа өнимди қадағалаўға алыў зәрүр.

Бүгинги балалар журналистикасы тараўында жүзеге келген жағдайлар медиа ҳәм жәмийет алдындағы аўыр сынақ. Балалар – жәмийеттиң ең нәзик ҳәм әҳмийетли бөлеги, оларға байланыслы жуўапкершилик жоқары. Егер журналистика бул ўазыйпаны умытып, көриўлер саны ҳәм дәрамат ушын балалардың жеке өмирин ашып берсе, келешекте бул жас әўлад руўхый машқалалар, исенимсизлик ҳәм мәдений әззиликке дус келиўи мүмкин. Медиа әлеминде сапа ҳәм жуўапкершилик идеясы үстин болмаса, балалар журналистикасы тек атында ғана сақланып қалады, әмелде болса сол атқа мүнәсип болмаған майданға айланады. Сол себепли, бүгинги күнниң талапларына сәйкес түрде журналистлер, ата-аналар, билимлендириў мәкемелери ҳәм мәмлекетлик уйымлар биргеликте ислеўи зәрүр.

Дилдора ДЎСМАТОВА,

ӨзАның хабаршысы