Реформалардың нәтийжеси байрам салтанатларына үнлес сәўлеленбекте

Мүнәсибет
Ғәрезсизлик – ҳәр бир миллет ушын ең уллы ҳәм ең әзиз жемис. Усы күнлерде халқымыз ушын уллы байрам – Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы кеңнен белгиленип атыр. Арадан өткен тарийхый дәўир даўамында Ўатанымыз пүткиллей жаңаша көриниске ийе болды, халқымыз әрман еткен еркин ҳәм абадан турмыс тийкары жаратылды.
Ҳәр бир күнди жаңалықлар, жаңаланыўлар менен күтип алып атырған ўатанласларымыз уллы байрам – Ғәрезсизлик байрамын мүнәсип күтип алмақта. Буның өзине тән себеби бар, әлбетте. Өткен жыллар даўамында әмелге асырылған үлкен реформалардың нәтийжеси мәмлекетимиздиң раўажланыўы ҳәм халқымыздың турмыс тәризинде өз көринисин таппақта.
Уллы байрамымыз “Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!” деген ийгиликли идеяны өзинде жәмлеген ҳалда, халқымыздың бир мақсет жолында бирлескенин және бир мәрте көрсетип, бул процесслерде елимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар, жаратылған имканият ҳәм шараятлар өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте.
Ең тийкарғысы, заманласларымыздың қәлбинде ўатанға садықлық, халқымызға меҳир ҳәм миллеттиң раўажланыўы ушын жуўапкершилик сезими және де күшейип, ертеңги күнге исеним ҳәм мақтаныш сезими беккемленбекте.
Соңғы жылларда Президентимиздиң басшылығында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжеси, бәринен бурын, ҳәр бир ўатанласымыздың турмысында сәўлеленип, турақ жайлар, жоллар, мектеп ҳәм емлеўханалардың қурылысы, заманагөй инфраструктуралардың жаратылыўы халқымыздың турмыс дәрежесин арттырыўға хызмет етпекте.
Халықты социаллық қорғаў, өнерментлер, исбилерменлер ушын имканиятлардың көлеми кеңейип, жаңа жумыс орынларының жаратылыўы, аўыл ҳәм қалалар инфраструктурасының жаңаланыўы – булардың барлығы ғәрезсизлик жылларындағы реформалардың әмелий нәтийжеси болып есапланады.
Өткен жыллар даўамында Қарақалпақстан Республикасының раўажланыўы жолында бир қатар нызамлар ҳәм нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди, олар арқалы экономикалық раўажланыў, социаллық турақлылық ҳәм халықтың абаданлығын тәмийинлеў, сондай-ақ, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм миллий қәдириятларды қәстерлеп-сақлаў жолында кең имканиятлар жаратылды.
Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2025-жыл 14-август күни қабыл етилген “Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған илажларды буннан былай да жеделлестириў ҳаққында”ғы қарар да елимиз турмысында әҳмийетли ҳүжжетлерден бири болды.
Бул ҳүжжет Қарақалпақстан Республикасында халықтың абаданлығын арттырыў, турмыс сапасын жақсылаў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм социаллық тараўларды қоллап-қуўатлаўда үлкен әҳмийетке ийе, сондай-ақ, аймақты раўажландырыўдың жаңа басқышына алып шығатуғыны сөзсиз.
Қарарда белгиленген ўазыйпалар ҳәм илажлар – тек ғана аймақтың экономикалық өсиўине хызмет етип қоймастан, ал жаслардың билим алыў имканиятларын кеңейтиў ҳәм кәсип-өнерге үйретиў, сондай-ақ, аймақтың инфраструктуралық потенциалын күшейтиў ҳәм туризмди раўажландырыўға қаратылғаны менен де әҳмийетли.
Усы жағынан бул қарар өз гезегинде елимизде исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, олардың еркин жумыс алып барыўына жәрдемлесиў менен бирге, бар кемшиликлерди нәтийжели сапластырыў ҳәм тараўды жаңа басқышқа алып шығыўда және бир әҳмийетли қәдем болып, халқымыздың турмыс сапасын жақсылаўда, түрли тараўларда унамлы өзгерислерди әмелге асырыўда әҳмийетли қолланба болып хызмет етеди.
Бүгин алып барылып атырған реформалардың нәтийжесин ҳәр бир тараўда сезип атырмыз. Жаңаланыў ҳәм раўажланыў жолында ҳәр бир ўатанласымыз, әсиресе, жасларымыз белсене қатнаспақта.
Мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири болған билимлендириў тараўын раўажландырыў ҳәм жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жаңа реформалар елимиздиң келешектеги раўажланыўы ушын беккем тийкар жаратпақта.
Соңғы жыллары елимизде заманагөй қәнигелестирилген мектеплер, жоқары билимлендириў мәкемелериниң саны артып бармақта. Студентлердиң сырт елде оқыўы ҳәм тәжирийбе арттырыўы ушын кең имканиятлар жаратылды. Жаслар ушын стипендиялар, грантлар ҳәм жойбарлар әмелге асырылмақта. Сондай-ақ, “Жаслар дәптери,” “Ҳаял-қызлар дәптери” сыяқлы системалар арқалы жаслардың бәнтлиги тәмийинленбекте, олардың өз талантын жүзеге шығарыўы ушын шараятлар жаратылмақта.
Имканиятларға жуўап ретинде, жасларымыз жуўапкершиликти терең сезинген ҳалда, илимий ойлап табыўлар жаратып, спорт ҳәм мәденият және барлық тараўларда өзлерин жоқары дәрежеде көрсетпекте. Бүгинги реформалардың нәтийжеси халқымыз, әсиресе, жасларымыз турмысында барған сайын айқын көзге тасланып, ғәрезсизлик байрамын және де салтанатлы ҳәм мазмунлы етпекте.
Елимизде қурылып атырған жаңа инфраструктуралар, халқымыздың турмыс дәрежесин арттырыўға қаратылған илажлар ҳәм ең әҳмийетлиси, инсан қәдирин улығлаўға қаратылған мәмлекетлик сиясат – бәршемиздиң қәлбимизде Ўатанға болған меҳир ҳәм мақтаныш сезимлерин және де күшейтеди.
Ғәрезсизликтиң 34 жыллығы – халқымыздың аўызбиршилиги, мәртлиги ҳәм умтылысының жемиси. Бүгинги раўажланыўлар, жаңа басламалар ҳәм келешекке исенимли қәдемлер бәршемизге бир ҳақыйқатты уқтырады: ғәрезсизлик – бийбаҳа жемис, ал реформалар оның мазмун-мәнисин байытып, елимиздиң раўажланыўына хызмет етпекте. Сонлықтан, бул қутлы байрам бәршемизди және де бирлестирип, Жаңа Өзбекстанның раўажланыў жолында үлкен шеклерге ерисиўине беккем тийкар жаратады.
Руслан Джумамуратов,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги