Жаңаланыў феномени: мәмлекетти раўажланыў басқышына алып шыққан реформалар

148

Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!

Кейинги жылларда Өзбекстан халықтың абаданлығын беккемлеў, әдил ҳәм инклюзив жәмийетти қурыў, турақлы экономикалық раўажланыўға қаратылған кең көлемли реформаларды әмелге асырып атырған мәмлекет екенин көрсетти. Беккем сиясий ерк-ықрар, жаңаланыўға умтылған халық, заманагөй дүнья  талапларына сай реформалар – булардың барлығында мәмлекетимизде болып атырған жаңаланыў феномени айқын көзге тасланады.


Ғәрезсизлигимиздиң 34 жыллық байрамын белгилеў алдында турған екенбиз, “Жаңа Өзбекстан” тек ғана сүрен емес, ал ҳақыйқатлыққа айланып бармақта десек, ҳеш қандай асыра айтқан болмаймыз.

“Жаңа Өзбекстан” принципи тийкарында тек ғана ҳәкимшилик өзгерислер емес, ал пүткил жәмийетте пикирлеў, ислеў ҳәм мүнәсибетти өзгертиў идеясы жәмленген. Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен 2017-жылдан берли әмелге асырылып атырған реформалар мәмлекетти жаңа раўажланыў басқышына алып шықты.

Бәринен бурын, мәмлекетлик басқарыў системасында ашық-айдынлықты тәмийинлеў, халық пенен пикирлесиў мәденияты жолға қойылды. Электрон хызметлер системасын кеңейтиў арқалы пуқараларға жақын болыў сиясаты қолланылды. Ҳәр бир тараўда – билимлендириўден баслап денсаўлықты сақлаў, экономика, суд-ҳуқық системасына шекем раўажланыўға умтылып атырған реформалар әмелге асырылмақта.

Билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў…

Бүгинги күнде елимизде билимлендириў тийкарғы әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып қалмақта. Тарийхта биринши мәрте мектеплеримиз EGRA, EGMA ҳәм PISA халықаралық изертлеўлеринде қатнасты, бул әлбетте, олардың глобал стандартларға умтылыўынан дәрек береди. Мектепке шекемги билимлендириўди раўажландырыў ушын жаратылған шараятлар мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң санын 2017-жылдағы 5 211 ден 2024-жылда 37 000 ға шекем өсиўин ҳәм балаларды мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыўды 27,7 проценттен 76 процентке шекем тәмийинлегенин атап өтиў керек.

Жеке меншик ҳәм сырт ел университетлериниң жумысына руқсат берилди. Илимий жумысқа жеңилликлер енгизилди. “Temurbeklar maktabi”, “Prezident maktablari”, ҳәр бир район ҳәм қалада Дөретиўшилик ҳәм Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери, “IT Парк” жойбарлары жаслардың потенциалын раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе болды. 2023-жылы 10 мыңнан аслам жаслар IT тараўында жумысқа жайласты.

Жоқары билимлендириў системасында халықаралық бирге ислесиўдиң кеңейиўи, жеке меншик сектордың раўажланыўы, жергиликли жоқары оқыў орынларының дүньядағы ең жақсы 1000 университеттиң қатарына кириўи, сырт елде кең көлемли әмелият бағдарламасы ҳәм “Эл-юрт умиди” қорының қамтып алыныўының артыўы жаслардың имканиятларын сезилерли дәрежеде арттырды ҳәм олардың жоқары билимлендириў менен қамтып алыныўын 8,3 проценттен 47,7 процентке шекем тәмийинледи.

Соның менен бирге, жаңаланған денсаўлықты сақлаў системасында шаңарақлық шыпакерлер институты енгизилди. Тез жәрдемниң жетип барыў ўақты орташа 25-30 минуттан 8-12 минутқа қысқарды. Бийпул дәри-дәрмақлардың саны 45 тен 70 ке шекем көбейтилди, перинатал орайларда болса неонатал реанимация бөлимлери ашылды. Денсаўлықты сақлаў ҳәм аўқатланыўды қадағалаў ушын мобиль хызмети жаратылды, mis2.ssv.uz бирден-бир системасы арқалы болса медицинаны санластырыў процеси жеделлести.

Социаллық қорғаў…

Өзбекстанда 1 миллион 200 мың кәмбағал шаңарақтың дизими қәлиплестирилип, “Онлайн мәҳәлле” электрон платформасына киргизилди. Кәмбағаллықты қысқартыў бағдарламасы арқалы миллионлаған халық социаллық қорғаўға алынды. 2021-жылдан баслап “Жаслар дәптери”, “Ҳаял-қызлар дәптери”, “Темир дәптер” сыяқлы социаллық бағдарламалар арқалы халықтың мүтәж қатламларына мәнзилли жәрдем көрсетиле баслады. Ҳәр бир районда мәнзилли хызмет көрсетиў мақсетинде “Инсан” орайлары шөлкемлестирилди. Ташкентте жеке меншик секторды социаллық жәрдем көрсетиўге ауцорсинг тийкарында тартыў системасы сынақтан өткерилди.

Ҳаял-қызлар ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў бағдарында салмақлы жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, xotin-qizlar.uz платформасы ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиў жолында басланғыш ноқатқа айланған болса, “Жаслар дәптери” жойбары жасларға әмелият өтеў ҳәм мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланыў имканиятын берди.

Спорт ҳәм мәденият…

“Париж – 2024” Олимпиада ойынларындағы жеңис – 13 медаль ҳәм улыўма командалық есапта 13-орын, ҒМДА ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы жетекши орынлар айрықша мақтаныш сезимлерин бағышлады.

Мәденият тараўы да жаңаланыў дәўирин басынан өткермекте: Өзбекстан сырт елде ҳәр қыйлы көргизбелер арқалы өзиниң мәдениятын, бай тарийхын көрсетпекте, бир қатар фильм ҳәм мультфилмлерди ислеп шығармақта, миллий музыка ҳәм руўхый мийрасты қоллап-қуўатламақта.

Экономикалық өсим ҳәм турақлылық…

Өзбекстандағы жаңаланыў процесслериниң орайында экономикалық либералластырыў ҳәм жеке меншикти қорғаўға қаратылған илажлар тур. Қаржы системасында базар механизмлерин енгизиў, салық ҳәм бажыхана системасын әпиўайыластырыў, сырт ел инвестицияларын тартыў ҳәм экспортты қоллап-қуўатлаў бойынша анық стратегиялар қәлиплестирилди.

Экономиканы либералластырыў ҳәм диверсификациялаў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар себепли Өзбекстанның жалпы ишки өними 2017-жылдағы 69,6 миллиард доллардан 2024-жылы 115 миллиард долларға жетти. Онда экономиканың өсими 6,5 процентти қурады. Халықтың жан басына дәраматлары 3 093 долларға жетти, инфляция 14,4 проценттен 9,8 процентке төменледи, жалпы ишки өним (ЖИМ) көлеминиң өсиў пәти болса, турақлы рәўиште 6-7 процентти қурады.

Бюджет және де ашық-айдын болды: дәраматлар көлеми 49,7 триллион сумнан 274,4 триллион сумға шекем артты, “Ашық бюджет” ҳәм “Мәҳәлле бюджети” системалары енгизилди. “Басламалы бюджет” бағдарламасы өзиниң унамлы нәтийжесин берди, оған ажыратылған қаржылардың көлеми 5,7 триллион сумға жетти.

Инвестиция – финанслық турақлылық…

“Жасыл экономика”, “санластырыў” ҳәм “инновациялық исбилерменлик” түсиниклериниң әмелиятта қолланылыўы, санаат кластерлери ҳәм киши бизнести раўажландырыў, ўәлаятлардың раўажланыўына айрықша итибар бериў – мәмлекеттиң экономикалық суверенитетин беккемлемекте.

Кейинги жылларда Өзбекстан сырт ел инвесторлары ушын тартымлы мәмлекетке айланды. Егер 2017-жылы тиккелей сырт ел инвестицияларының көлеми тек ғана 3,3 миллиард долларды қураған болса, 2024-жылға келип бул көрсеткиш дерлик 35 миллиард долларға шекем артты. Соның ишинде, ҳәр жылы Ташкент халықаралық инвестициялық форумының өткерилиўи инвестициялық исенимниң айқын дәлили болып есапланады.

Инвестициялық жумыс нәтийжелери автомобиль қурылысы санаатында да айқын көзге тасланып атырғанын атап өтиў керек. Атап айтқанда, 2024-жылы Жиззақ ўәлаятында BYD Chazor ҳәм Song Plus Champion моделлери, сондай-ақ, “ADM Jizzakh” заводы тийкарында KIA Sonet бренди астында автомобильлер ислеп шығарыў басланды. Бул жойбарлар тек ғана импортты азайтып қоймастан, ал ҒМДА ҳәм Жақын Шығыс мәмлекетлерине экспорт ушын перспективалы есиклерди ашып береди.

Тийкарғы капиталға инвестициялар көлеми 2017-жылдағы 72,2 триллион сумнан 2024-жылы 493,7 триллион сумға шекем – 6 еседен зыят артты. Бул исбилерменлик орталығын жақсылаў, нызамшылықты жетилистириў, жаңа қаржы механизмлерин, соның ишинде, ҳүкимет кепилликлери, субсидиялар ҳәм МШЖ бирге ислесиў моделлерин иске қосыў арқалы әмелге асырылды.

Санластырыў ҳәм “жасыл экономика…”

Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар турақлы раўажланыўдың глобал тенденциялары менен тең қәдем тасламақта. “Жасыл экономика”ға өтиў мәмлекетлик сиясаттың стратегиялық бағдарларынан бирине айланды. Кейинги еки жыл ишинде мәмлекетте улыўма қуўатлылығы 2,3 ГВт болған бес қуяш ҳәм самал электр станциясы пайдаланыўға тапсырылды. Бул тек ғана қазып алынатуғын жанылғыға болған ғәрезлиликти азайтады, ал миллионлаған пуқараларды “таза” энергия менен де тәмийинлеў имканиятын береди.

2024-жылы мәмлекеттиң энергия балансында қайта тикленетуғын энергия үлеси 16 процентке жетти, соның ишинде, гидроэнергетика – 10-12 процент ҳәм қуяш ҳәм самал энергиясы – 4-6 процентти қурайды. Мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажлары әмелге асырылды: коммерциялық тараў ҳәм халық қуяш панельлери, ыссылық изоляциясы системалары ҳәм басқа да энергияны үнемлейтуғын үскенелерди орнатыў ушын материаллық хошаметленди.

Соның менен бирге, экономика ҳәм мәмлекетлик басқарыўды санластырыў да жеделлесип бармақта. Елатлы пунктлерди кең полосалы интернет пенен қамтып алыў дәрежеси 97,5 процентке жетти, халықаралық өткериўшеңлик болса, 4200 Гбит/с қа шекем артты. Бул болса, өз гезегинде, онлайн хызметлер, электрон коммерция ҳәм ақыллы логистиканы раўажландырыў имканиятын бермекте.

Экономика тараўында онлаған жаңа санлы платформалар енгизилди. Атап айтқанда, жол жойбарларын мониторинг етиўши “Ашық жол” онлайн мәлимлеме платформасы, темир жол тараўына интеграцияланған “Бир айна” системасы буған айқын дәлил болып табылады. Бажыхана қағыйдабузарлықларын, курьерлик жөнелтпелерин есапқа алыў ҳәм дәри-дәрмақлар менен тәмийинлеўди қадағалаў бойынша хызметлер иске қосылды.

Улыўма алғанда, енди ғана отыз төртинши қәдемин таслап атырған нәўқыран Өзбекстан турмысындағы жоқарыда атап өтилген унамлы өзгерислерге байланыслы мысалларды және көплеп келтириў мүмкин.

Ғәрезсиз Өзбекстанымыздағы жаңаланыў тек ғана зәрүрлик емес, ал раўажланыўдың гиреўине айланғанын тән алыў керек. Жоқарыда атап өтилген бундай өзгерислер мине усы жаңаланыў феноменине айқын мысал болып есапланады. Мәмлекет басшысының сиясий ерк-ықрары, халықтың белсене қатнасыўы ҳәм жәмийеттеги пуқаралық санасының жоқарылаўы реформалардың табысын тәмийинлемекте.

Турақлы келешекке қарай баратырған жолда Өзбекстан Республикасында әмелге асырылып атырған реформалар тек ғана бүгинги турмысты жақсылап ғана қоймастан, ал ертеңги әўладлар ушын беккем тийкар жаратпақта.

Бул жаңаланыўлар тек ғана мәмлекет ишинде емес, ал халықаралық майданда да тән алынып атырғанын атап өтиў керек. Жақын жылларда бул процесслер өз жемисин береди. Күшли, турақлы, әдил ҳәм абадан Жаңа Өзбекстанға қарай исенимли қәдемлер тасланбақта.

Жаңа Өзбекстан, бул тек ғана сүрен емес, ал анық бағдарлама, реже ҳәм әмелий ҳәрекетлер арқалы жүзеге шығарылып атырған миллий раўажланыў модели болып есапланады. Жаңаланыў феномени, бул – тек ғана өзгерислер емес, ал жаңаша пикирлеў, заманагөй мәмлекет қурыўға болған исенимли умтылыў. Бул процессте пуқара – тийкарғы қатнасыўшы, мәмлекет болса хызмет көрсетиўши механизмге айланбақта.

Жуўмақ орнында соны атап өтиў керек, Өзбекстан басында инсан турған комплексли өзгерислердиң бийбаҳа үлгисин, оның раўажланыўы ҳәм абаданлығын көрсетпекте.

Прагматикалық экономикалық сиясат ҳәм социаллық жуўапкершиликтиң үйлесликлиги ҳақыйқый заманагөй, турақлы ҳәм әдил мәмлекет көринисин қәлиплестиреди. Алдында болса ийелеў зәрүр болған жаңадан-жаңа шыңлар бар. Халқымыздың келешекке болған исеними болса, әлле қашан миллий өзлигимиздиң бир бөлегине айланып болды.

Элдор ТУЛЯКОВ,
“Раўажланыў стратегиясы” орайының атқарыўшы директоры.

ӨзА