Быйыл банклер исбилерменлик жойбарлары ушын 6 миллиард доллар ресурс алып келмекте

212

Бул ҳаққында Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўинде атап өтилди.

Банклер келеси жылы әйне киши ҳәм орта исбилерменликти мақсетли қоллап-қуўатлаў ушын қолайлы шәртлерде айрықша 1 миллиард доллар ресурс тартады.

Сондай-ақ, Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы қосымша 7 триллион сум ресурс ажыратып, 10 мың жойбарды қаржыландырады.

Атап айтқанда, компания қаржылары шеңберинде “чемпион исбилермен”лерди көбейтиў ушын банк арқалы ҳәр бир жойбарға 10 миллиард сумға шекем жеңиллетилген кредит бериледи.

Өндирис, сервис, жасыл экономика жойбарлары ушын 500 миллион сумға шекем коммерциялық кредитлер компания тәрепинен қайта қаржыландырылады. Нәтийжеде ҳәр жылы 100 мыңнан аслам исбилерменлер алатуғын кредит проценти 6 процентке шекем төменлейди.

Алдынғы кредити бойынша компаниядан кепиллик алып, төлемди ўақтында төлеген исбилерменлерге жаңа кредитлер ушын кепиллик муғдары 1,5 есеге арттырылады.

Енди ири исбилерменлер де компаниядан 10 миллиард сумға шекем кепиллик алыўы мүмкин болады.

ӨзА