Жойбарға әпиўайыластырылған тәртипте қаржы тартыў бойынша инвестиция платформасы иске қосылады

146

Президентимиз бизнести қоллап-қуўатлаўдың ең әҳмийетли инструменти қаржы  хызметлери екенин атап өтти.

Жақсы жойбарларға қаржы излеп атырған исбилерменлер көп, инвестиция киргиземен, дегенлер де жетерли.

Әмелдеги тәртипке бола, жуўапкершилиги шекленген жәмийетлер инвестиция киргизип атырған шахсты шөлкемлестириўши етип алыўға мәжбүр. Бирақ, буған ҳәмме де келисе бермейди. Сол себепли ресурс бойынша тийкарғы жүклеме елеге шекем банклерге түсип атырғаны көрсетип өтилди.

Енди жойбарға әпиўайыластырылған тәртипте қаржы тартыў бойынша инвестициялық платформа иске қосылады. Онда барлық кәрханалар өз жойбарын усы платформаға жайластырады, потенциаллы инвесторлар болса қәлеген жойбарды таңлап, инвестиция киргизиўи мүмкин болады.

Ең әҳмийетлиси, инвестор шөлкемлестириўши емес, үлес ийеси сыпатында дәраматқа шерик болады, киргизген қаржысы кепилликли қорғалады.

Исбилерменлер бул жаңа система арқалы жылына қосымша 1 миллиард доллар қаржы тартыў имканиятына ийе болады.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўи даўам етпекте.

ӨзА