Аймақларда санаат инфраструктурасын жақсылаўға быйыл 1,7 триллион сум ажыратылды
169

Бул ҳаққында Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўинде атап өтилди.
Келеси жылы бул қәрежетлер 25 процентке арттырылып, 2,1 триллион сумға жеткериледи.
Буннан тысқары, пайтахтта исбилерменлердиң саны күннен-күнге артып атырғанын есапқа алып, электр тармақларын жақсылаў ушын және 2 триллион сум бериледи.
Экономика турақлы өскени сайын жаңа инфраструктураға талап артып бара береди.
Кәрханасына сыртқы инфраструктураны өз есабынан жаратып атырған исбилерменлер көбеймекте. Енди олардың бул қәрежети пайда салығы базасынан шегирип тасланады.
ӨзА