Жумысшыларға электрон ҳәмиян қалта арқалы “күнине”, “саатына” мийнет ҳақы төлеў имканияты жаратылады

137

 Бүгинги ашықтан-ашық сөйлесиўге таярлық даўамында 26 тараўдың 7 мыңға шамалас ўәкиллери менен өз алдына ушырасыўлар өткерилди. “Колл-орай” арқалы да 13 мыңнан аслам мүрәжат ҳәм басламалар келип түсти.

Ҳәзирги қыйын шараятта ҳәр бир күн әҳмийетли екенин есапқа алып, ашықтан-ашық сөйлесиўди күтип отырмастан, мийўе-овощ экспорты ҳәм тоқымашылықта топланып қалған машқалаларға шешим таўып берилди.

Өткен ҳәптеде бизнести “көлеңке”ден шығарыўды хошаметлеў бойынша да исбилерменлерге және де қолайлы шараятларды нәзерде тутқан үлкен жаңалықлар жәрияланды.

Соның ишинде, жумысын киши жойбардан баслап, бизнесте тәжирийбе ҳәм маманлық арттырған жеке тәртиптеги исбилерменлерге жәрдем берип, оларды 50-100 адам ислейтуғын күшли кәрханалардың ийелерине айландырыў мақсетинде ЖТИ ҳәм өзин-өзи бәнт еткен шахслар ушын 2030-жылға шекем арнаўлы ҳуқықый режим енгизилди.

Енди бундай исбилерменлер ушын дизимнен өтиўден баслап есабат тапсырыўға шекемги барлық хызметлерди жәмлеген санлы платформалар жаратылады. Онда исбилерменлер керекли ҳүжжетлерге аралықтан турып биометрия ҳәм “СМС хабарнама” арқалы электрон гилтсиз қол қоя алады. Жумысшыларға электрон ҳәмиян қалта арқалы “күнине”, “саатына” мийнет ҳақы төлеў имканияты жаратылады.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўи даўам етпекте.

ӨзА