Исбилерменлердиң 1 мыңға шамалас басламасы нызамшылықта өз көринисин тапты

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўи даўам етпекте.
Биринши ашықтан-ашық сөйлесиўден баслап усы күнге шекем исбилерменлердиң 1 мыңға шамалас басламасы нызамшылықта өз көринисин тапты. Буның нәтийжелерин тек ғана исбилерменлер емес, ал пүткил халық өзиниң күнделикли турмысында сезинбекте.
Мәмлекетимиз басшысы бул ретки ушырасыў үлкен дөретиўшилик жумыслары басланған Жаңа Ташкентте өтип атырғанында рәмзий мәни бар екенлигин атап өтти.
– Бул мегажойбар реформаларымыз турмыста қандай сәўлеленип атырғанының айқын дәлили, жаңаланыў ҳәм раўажланыў жолындағы исенимли қәдемлеримиздиң айқын тымсалы болады.
Сиз исбилерменлер ушын Жаңа Ташкент – жаңа имканиятлар, жаңа идеялар ҳәм жаңа базарлар майданына, инновациялар ҳәм инвестициялар орайына айланады.
Бул жердеги толық “жасыл” технологияларға тийкарланған ең заманагөй инфраструктура сизлердиң жаңадан-жаңа идея ҳәм басламаларыңыз ушын хызмет етеди.
Соны билиң, Жаңа Ташкент дәрўазалары бизнес ислеўди қәлеген барлық исбилерменлер ушын ҳәмийше ашық болады, – деди Президентимиз.
ӨзА