Мәмлекетимиз басшысы пүткил республиканың бизнес ўәкиллерине өзиниң қызғын миннетдаршылығын билдирди

Президент Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўи даўам етпекте.
Дәстүрге бола, быйыл да киши бизнес ўәкиллеринен баслап ири кәрханалардың басшыларына шекем – ең алдыңғы ҳәм пидайы исбилерменлерден 49 ы мәмлекетлик сыйлықлар, 112 си болса “Фаол тадбиркор” көкирек белгиси менен сыйлықланды. Олардың арасында илими менен бизнестиң раўажланыўына үлкен үлес қосып атырған илимпазлар да бар. Өткен бир жылда және 52 исбилермен, мийнеткеш дийқан ҳәм фермерлер, интакер инвесторлар орден ҳәм медальлардың ийеси болды.
– Әсиресе, қәўендерлик етип бақша ҳәм мектеп, емлеўханалар қурып атырған, жәрдемге мүтәж шаңарақларға жәрдем берип атырған, жасларды қоллап-қуўатлап атырған қайырқом исбилерменлеримиздиң көбейип атырғаны бизди қуўандырады. Ул-қызларымызды спортқа тартыў ушын үлкен шараят жаратып берип атырған, олардың жәҳән ҳәм континент чемпионатлары, Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынлары, басқа да абырайлы халықаралық жарысларда жоқары шеклерди ийелеўине жәрдем берип атырған бизнес ўәкиллери елимиздиң ҳақыйқый пидайылары болып есапланады,-деди Президент.
Пурсаттан пайдаланып, мәмлекетимиз басшысы пүткил республикамыздың бизнес ўәкиллерине өзиниң терең ҳәм шын жүректен миннетдаршылығын билдирип, байрам менен қутлықлады.
ӨзА