Өткен сегиз жылда 230 миллиард доллар инвестиция кирип келди, соннан 120 миллиардтан асламы – сырт ел инвестициясы

Президентимиз реформалардың дәслепки күнлеринен-ақ исбилерменлер менен пикирлес болып, экономикасы қүдиретли, санааты бәсекиге шыдамлы, финанслық системасы турақлы, барлық тараўлары инвесторлар ушын тартымлы болған Жаңа Өзбекстанды қурыўға кирисилгенин атап өтти. Өткен сегиз жылда экономикамыздың көплеген тармақлары жаңадан шөлкемлестирилди. Бул дәўирде 230 миллиард доллар инвестиция кирип келди, соннан 120 миллиардтан асламы – сырт ел инвестициясы.
– Бир қарағанда айтыўға аңсат бул санды бурынлары есаплаў түўе, көз алдыңызға келтириўге де болмайтуғын еди. Бирақ биз буны ислей алдық, – деди Президентимиз.
Түрли келиспеўшиликлер ҳәм қарама-қарсылықлар себепли дүнья экономикасы оғада қыйын дәўирди басынан өткерип атырған бир ўақытта прагматикалық ҳәм проактив сиясат себепли биринши ярым жыллықта экономикамыз 7,2 процентке өскени атап өтилди.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўи даўам етпекте.
ӨзА