Нөкисте рекордшы жаслар салтанатлы күтип алынды

136

25 минут ишинде 1946 робот таярлап, «Жаңа Өзбекстан ушын» Гиннестиң рекордын орнатқан жасларымыз Нөкис қаласына жетип келди. Олар Нөкис мәмлекетлик техника университетинде салтанатлы түрде күтип алынды.

Мәресимде университет ректоры, техника илимлериниң докторы, профессор Б.Қаипбергенов, ректор мәсләҳәтшиси Ж.Жумабеков ҳәм бир қатар жуўапкер шахслар қатнасты ҳәм рекордшы жасларды қутлықлады. Сондай-ақ, оларға Гиннес рекордлары шөлкеми тәрепинен берилген арнаўлы сертификат та тапсырылды.

Бизге белгили, «Жаңа Өзбекстан» бағында тарийхый ўақыя жүз берди –  1946 жас инноватор бир ўақыттың өзинде 1946 киши роботларды жыйнаўға еристи. Бул арқалы Өзбекстан жаслары жаңа Гиннес рекордын орнатты.

Нөкис мәмлекетлик техника университетинде Қарақалпақстан Республикасынан келген 141 жас делегация да салтанатлы түрде күтип алынды. Олардың арасында еле 7-классқа қәдем баспаған киши жастағы бала да бар еди. Ол да үлкенлер қатарында миссияны табыслы орынлап, рекорд орнатыўда қатнасты.

Илажда Нөкис мәмлекетлик техника университети ректоры Б.Қаипбергенов шығып сөйлеп, жасларды қутлықлады:

Бүгинги күн тарийхый күн сыпатында есте қалады. Бизиң жасларымыз өз таланты, билим ҳәм мийнети менен пүткил дүньяға Өзбекстан жасларының потенциалын көрсетти. Бул нәтийже мәмлекетимиз басшысының жасларға қаратып атырған итибары ҳәм жаратылып берилип атырған имканиятлардың нәтийжеси болып есапланады. Президентимиздиң басламасы ҳәм қоллап-қуўатлаўы себепли жасларымыздың бундай жоқары жетискенликлерге ерисиўине тийкар жаратылды, – деди ректор.

Сондай-ақ, илажда Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры А.Реймов,  мийманлар ҳәм рекордшы жаслардың ата-аналары да шығып сөйлеп, оларды қутлықлады.

Илаж концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Жаслардың жоқары оқыў орынларында салтанатлы күтип алыў мәресимлери усының менен шекленип қалмай, республика бойлап даўам ететуғынын атап өтиў керек.

 

Азизбек Дабылов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

Автордың түсирген сүўретлери