Жаңа қарар-Қарақалпақстанды раўажландырыўдың әҳмийетли факторы

218

Елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың тийкарғы мақсети –халықтың абадан турмысын тәмийинлеў, мәмлекетимизди дүньяның раўажланған мәмлекетлери қатарына алып шығыў болып есапланады.

Бул ийгиликли мақсетке ерисиўде ҳәр бир аймақтың, ҳәр бир инсанның өз орны ҳәм әҳмийети бар. Усы мәнисте, Қарақалпақстан Республикасының социаллық-экономикалық раўажланыўына айрықша итибар қаратылыўы – бул Жаңа Өзбекстан стратегиясының әҳмийетли қурамлық бөлеги болып есапланады.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен 2025-жыл 14-август күни қабыл етилген “Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған илажларды буннан былай да жеделлестириў ҳаққында”ғы қарары – бул Қарақалпақстанның раўажланыўына қаратылған жаңа имканиятлар есигин ашты. Буннан алдын да аймақты раўажландырыў бойынша көплеген пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди ҳәм үлкен өзгерислер әмелге асырылды. Солардың қатарында бул қарар, тек ғана қарақалпақстанлылардың бүгинги турмысын жақсылаўға емес, ал, келешек әўладлар ушын да мүнәсип шараят жаратыўға хызмет етеди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты сыпатында усы қарардың әҳмийетин айрықша атап өтпекшимен. Себеби, усы қарар шеңберинде әмелге асырылатуғын жойбар ҳәм илажлар Аралбойының экономикалық потенциалын арттырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, инфраструктураны жақсылаў ҳәм халықтың социаллық қорғалыўын күшейтиўге қаратылған. Сондай-ақ, усы қарар партиямыздың Сайлаўалды бағдарламасында  белгиленген мақсет ҳәм ўазыйпалар менен үйлескенлиги барлық партияласларымыз ушын да қуўанышлы жаңалық болды.

Атап айтқанда, партиямыз бағдарламасында туризм тараўын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылған. Қарақалпақстанның бийтәкирар тәбияты, бай тарийхый-мәдений мийрасы ҳәм дәстүрлери туризм ушын үлкен имканиятларға ийе. Усы қарар шеңберинде Қарақалпақстан Республикасының ески, таў ҳәм дәрья бойы аймақларында жаңа туристлик бағдарлардың жолға қойылыўы, Хожели районы аймағындағы “Миздақхан” археологиялық-архитектуралық комплекси, Қараөзек ҳәм Әмиўдәрья районлары аймағындағы “Шайх Жалил баба” зыярат етиў орны, Қараөзек ҳәм Әмиўдәрья районлары аймағындағы “Әмиў-қаратаў” дем алыў комплексиниң зәрүр инфраструктура менен тәмийинлениўи – бул “Миллий тикланиш” партиясының бағдарламалық мақсетлерине толық сәйкес келеди. Бул жойбарлардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде Қарақалпақстанға туристлердиң ағымы көбейип, аймақтың экономикалық раўажланыўына унамлы тәсир көрсетеди.

Сондай-ақ, қарар шеңберинде Қарақалпақстанды Қазақстан Респуликасының Қызылорда ўәлаяты менен байланыстырыўшы Қызылорда-Тақтакөпир автомобиль жолын қурыў, Қарақалпақстанды Түркменстанның Ташаўыз ўәлаяты менен байланыстырыўшы Хожели-Ташаўыз шегара постын ашыў мәселелериниң көрип шығылыўы да партиямыздың регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған мақсетлерине толық сәйкес келеди.

Қарар шеңберинде, сондай-ақ, 2025-2026-жылларда жалпы аймақлық өнимниң көлемин орташа 6-6,5 процентке жеткериў, санаат өндирисиниң көлемин 5-6 процентке арттырыў, базар хызметлериниң көлемин 15-17 процентке жеткериў, “Жасыл” принцип тийкарында 11 социаллық тараў объектин қурыў ҳәм оңлаў, 151 км автомобиль жолын оңлаў, ҳәр жылы талаптан келип шығып, 50 ге шекем жаслардың сырт елде билим алыўын тәмийинлеў, мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелеринде мәмлекетлик грант тийкарында оқытыў ушын қосымша 500 мақсетли квота ажыратыў сыяқлы әҳмийетли бағдарлар әмелге асырылады. Бул мақсетлердиң әмелге асырылыўы Қарақалпақстанның экономикалық потенциалын арттырыў, халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў ҳәм жаслардың билим алыў имканиятларын кеңейтиўге хызмет етеди.

Биз, “Миллий тикланиш” партиясы Қарақалпақстан Республикасы кеңеси ҳәм барлық депутатлар усы қарардың нәтийжели орынланыўын тәмийинлеў ушын бар күш-ғайратымызды жумсаймыз. Халық пенен пикирлесиўди күшейткен ҳәм олардың пикир-усынысларын есапқа алған ҳалда, жойбарларды әмелге асырыў процесинде ашық-айдынлықты тәмийинлеймиз ҳәм жәмийетлик қадағалаўды орнатамыз.

Президентимиздиң бул қарары Қарақалпақстанның социаллық-экономикалық раўажланыўына күшли түртки беретуғынына исенемен. Бәршемиз бул қарардың нәтийжели орынланыўын тәмийинлеўге бар күшимизди жумсаймыз.

 

Тәжибай Романов,

“Миллий тикланиш”  партиясы

Қарақалпақстан Республикасы кеңеси баслығы

Жоқарғы Кеңес депутаты

ӨзА