68 километрлик ишимлик суў тармағын тартыў, 5 суў бөлистириў объектин қурыў даўам етпекте

60

Республикамыз бойлап халықтың турмысын жақсылаў мақсетинде абаданластырыў, ири қурылыс-оңлаў жумыслары көтериңки руўхта даўам етпекте.

Мойнақ районында да ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаўға қаратылған жойбар басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта,-деп хабар бермекте «Қарақалпақ суў тәмийнаты» АЖ мәлимлеме хызмети.

Атап айтқанда, райондағы Мойнақ, Шағырлы, Дослық ҳәм Тик өзек мәкан пуақаралар жыйыны аймағында жасайтуғын халықты ишимлик суўы менен тәмийинлеў мақсетинде «Азия раўажланыў банки» қатнасыўындағы “Өзбекстанның батыс бөлегинде ишимлик суўы тәмийнаты системаларын раўажландырыў” жойбары тийкарында ҳәзирги ўақытта 68 километрлик узынлықтағы ишимлик суў тармағы тартылып, 5 суў бөлистириў объектин қурыў жумыслары даўам етпекте.

Мағлыўмат ушын, Президентимиздиң 2019-жыл 9-апрельдеги ПҚ-4271-санлы қарарына муўапық, “Азия раўажланыў банки” (АБР)ниң қатнасыўында жойбар баҳасы 172,3 млн. долларлық жойбарды 2021-2025-жылларда әмелге асырыў белгиленген.

Жойбар тийкарында “Түйемойын” суў тазалаў қурылмасын (қуўатлылығы суткасына 140,0 мың м3), “Тақыятас” суў тазалаў қурылмасын (қуўатлылығы суткасына 120,0 мың м3) реконструкциялаў ҳǝм “Манғыт” суў тазалаў қурылмасын жаңадан қурыў (қуўатлылығы суткасына 40,0 мың м3) жумысларын ҳǝм республикамыздың 6 районында (Әмиўдәрья, Беруний, Қараөзек, Қоңырат, Мойнақ ҳǝм Нөкис районлары) жǝми узынлығы 1236 километрлик ишимлик суў тармақлары менен 26 ишимлик суў тазалаў қурылмаларын қурыў ҳәм реконструкциялаў жумысларын ǝмелге асырыў режелестирилген.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги