Автомобильлер ушын аўысық бөлеклерди ислеп шығарыў бойынша жаңа жойбарлар көрип шығылды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев «Ўзавтосаноат» акционерлик жәмийети басқарма баслығы У.Рўзиқулов, «АДМ Global» компаниясының бас директоры Д.Давлетияров, компанияның сыртқы байланыслар ҳәм мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары менен бирге ислесиў басқармасының директоры С.Аббасов, «АDМC DASAN» компаниясы бас директорының орынбасары, локализациялаў бөлиминиң баслығы А.Солиев пенен ушырасты.

Өткерилген ушырасыўда автомобиль ислеп шығарыўды раўажландырыў бағдарында бирге ислесиў, мәмлекетимизде ислеп шығарылып атырған автомобильлер ушын аўысық бөлеклерди ислеп шығарыўды жолға қойыў арқалы локализациялаў жумысларын жеделлестириў, биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер додаланды.
Буннан соң әмелге асырылыўы белгиленген жойбарлардың презентациясы көрип шығылып, пикир-усыныслар билдирилди.
Өз гезегинде, Жоқарғы Кеңес Баслығы Президентимиздиң Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў ҳәм инвестициялық орталықты және де жақсылаў бағдарында өз алдына берилген жеңилликлерди кең түрде атап өтип, жаңа жумыс орынларын жаратыўға қаратылған ҳәр қандай жойбар қоллап-қуўатланатуғынлығын мәлим етти.

Ушырасыўда мийманлар жыллы жүзлилик пенен күтип алғаны ушын өз миннетдаршылығын билдирди ҳәм биргеликте перспективалы жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисип алынды
Бүгинги күнде KIA автомобиль ислеп шығарыў компаниясының бөлимин Қарақалпақстанда ашыў, аўысық бөлеклер ислеп шығарыў мәселелери де үйренилип атырған болып, бул бойынша әмелий жумыслар даўам етип атырғанын атап өтиў керек.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.