Бүгин Президент Шавкат Мирзиёев исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиў өткереди ҳәм олардың бир топарына мәмлекетлик сыйлықларды тапсырады

148

Президенттиң исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиў түриндеги биринши ушырасыўы 2021-жыл 20-августта өткерилген еди. Сол ушырасыўда мәмлекетимиз басшысы бундай илажды ҳәр жылы өткериў ҳәм 20-августты Исбилерменлер күни деп жәриялаўды усыныс еткен еди.

Соннан берли ушырасыўлар дәстүрий тәризде өткерилип киятырғаны, оларда исбилерменлерди ойландырып атырған мәселелер додаланып, олар менен мәсләҳәтлесип қарарлар қабыл етилип атырғаны Президентимиздиң исбилерменлик тараўына қаратып атырған айрықша итибарының айқын көриниси болып келмекте.

Усы күнге шекем ашық сөйлесиўлерде исбилерменлер тәрепинен билдирилген 1 мыңға шамалас усыныс ҳәм басламалар нызам ҳәм қарарларда өз көринисин тапты. Бүгинги ашықтан-ашық сөйлесиўге таярлық даўамында 26 тараўдың 7 мыңға шамалас ўәкиллери менен ушырасыўлар өткерилди. “Колл-орай” арқалы 13 мыңнан аслам мүрәжат ҳәм басламалар келип түсти.

Бүгинги ушырасыўда мәмлекетимиз басшысы усы мүрәжатларды үйрениў тийкарында ислеп шығылған ҳәм исбилерменлик жумысына және де қолайлық жаратыўға қаратылған жаңа шешимлерди алға қойыўы күтилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы Жаңа Ташкентте алып барылып атырған дөретиўшилик жумыслары менен де танысады.