Нөкисте «Cyber Week» – кибержынаятлардың алдын алыўға қаратылған ҳәптелик басланды

102

Республикамызда халық, әсиресе, жаслар арасында киберқәўипсизлик мәдениятын арттырыў ҳәм кибержынаятлардың алдын алыў мақсетинде «Кибер ҳәптелик» (Cyber Week) илажлары басланбақта.

Илаж шеңберинде Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында баспасөз әнжуманы шөлкемлестирилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Орайлық банк, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, ИИМ Оператив-излеў департаментиниң Киберқәўипсизлик орайы, «Бирден-бир улыўма республикалық процессинг орайы» АЖ («Uzcard»)ның жуўапкер хызметкерлери, сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, блогерлер ҳәм түрли шөлкемлердиң басшылары қатнасты.

Кейинги жыллары мәмлекетимизде санлы технологиялар жедел раўажланыўы менен бирге, кибержынаятлар саны да кескин артып бармақта.

Кейинги бес жыл ишинде кибержынаятлар саны 68 есеге көбейген.

2024-жылы олар 2023-жылға салыстырғанда 9,1 есеге артқан.

Усы дәўир ишинде физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден киберҳуқықбузарлықлар бойынша келип түсип атырған мүрәжатлар саны 34 есеге көбейген.

Пуқаралардың көрген зыян муғдары болса 1 триллион 909 миллиард сумнан асламды қураған.

ИИМ мағлыўматларына бола, 2019-жылы мәлимлеме технологиялары арқалы 18 түрдеги 863 жынаят исленген болса, 2024-жылы бул көрсеткиш 62 түрдеги 58 мың 800 ге жеткен.

2023-жылы кибержынаятлар улыўма жынаятшылықтың 6,2 процентин қураған болса, 2024-жылы бул көрсеткиш 44,4 процентке жеткен. Яғный, ҳәр еки жынаяттың бири мәлимлеме технологиялары арқалы исленбекте.

Кибержынаятлардың үлкен бөлеги (98 проценти) банк карталары менен байланыслы. Соннан:

60 проценти зыянлы силтемелер ҳәм программалар арқалы банк картасы ямаса мобил қурылма абонент қутысы аккаунтларды басқарыўды тастыйықлаўшы СМС кодын қолға киргизиў жолы менен;

16 проценти ҳәр қыйлы анықламалар менен банк картасы ҳәм мобил қосымшалардағы есап бетлерди басқарыўды тастыйықлаўшы мағлыўматларды рәсмийлестириў арқалы;

4 проценти жеке атына саўда онлайн платформаларда пайдаланыў арқалы;

9 проценти ҳәр қыйлы усылларда пайдаланыўшылардан фридорлық схемалары арқалы қаржыларды тартыў арқалы әмелге асырылмақта.

11 проценти онлайн саўда платформаларындағы фридорлылар арқалы.

Кибержынаятлардың алдын алыў мақсетинде бир қатар ҳуқықый ҳәм шөлкемлестириў-техникалық илажлар көрилмекте. Соның менен бирге, халық арасында санлы саўатлылықты арттырыў, жеке мағлыўматларды қорғаў ҳәм интернетте қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиў бойынша кеңнен үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.

ИИМ ТҚД Киберқәўипсизлик орайы ҳәм Uzcard пенен биргеликте өткерилип атырған «Cyber Week» акциясы шеңберинде жаслар, шөлкем басшылары, журналист ҳәм блогерлердиң қатнасыўында ағартыўшылық илажлар өткерилиўи режелестирилген.

Әнжуманда атап өтилгениндей, заманагөй санлы технологиялардың имканиятлары артып барыўы менен бирге, кибержынаятлар да жаңа көринис ҳәм усылларда пайда болмақта. Соның ушын ҳәр бир пуқара жеке мағлыўматларын қорғаўды жеке әдетке айландырыўы зәрүр.

Ишки ислер министрлиги ҳәм жуўапкер уйымлар бул бағдардағы жумысларды күшейтип, халық та заманагөй киберқәўип-қәтерлерден бәрқулла хабардар болыўы керек екенлиги атап өтилди.

 

Азизбек Дабылов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы