Китап ҳәм интернет: бәсекиде қайсы бири үстин?

Өзбекстанда соңғы жыллары китапқумарлық мәселесине үлкен итибар қаратылмақта. Бул итибардың артында әпиўайы мәдений мәселе емес, ал миллеттиң интеллектуаллық потенциалын арттырыў, заманагөй дүньяда мүнәсип орын ийелеў мақсети жатыр.
Президенттиң басламасы менен китапқумарлыққа байланыслы бир қатар қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилди. Мектеп ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң китапханалары жаңаланбақта. “Жас китапқумар”, “Ең жақсы китапқумар мектеп” сыяқлы таңлаўлар жолға қойылды. Электрон китапханалар ҳәм онлайн платформалар ислеп шығылмақта.
Бирақ, бүгин инсанлардың ең жақын досты телефон болып қалды. Интернет ҳәм социаллық тармақлар күнделикли турмысымызға соншелли кирип кетти, ҳәтте азанда ояныў менен, дәслеп телефонды қолға аламыз.
Интернет инсанға хабарларды тез алыў, мағлыўматларды табыўдың аӊсатлығы, ҳәттеки электрон китап оқыў сыяқлы жүдә көп қолайлықлар жаратты. Бирақ социаллық тармақлар ўақытты бийкарға өткериў, ериншекликти келтирип шығарды. Ҳәттеки көпшилик адамларда ашыўшақлық кейпиятын бақлаў мүмкин.
Китап оқыў интернеттен өзгеше түрде инсанды сабырлылыққа ҳәм дыққатқа үйретеди. Мәселен, 100 бетлик романды оқыған адам тек ўақыяларды емес, ал қаҳарманлардың ишки кеширмелерин сезеди, терең пикирлейди.
Және бир әҳмийетли тәрепи – интернет информацияны береди, бирақ оны сайлап алыўды үйретпейди. Китап болса алдыннан сайлап алынған билим дереги. Мысал ушын бир илим тараўы бойынша китап авторы жыллап изертлеп, тәжирийбеден өтип, соң шығарма дөретеди. Демек, китап – сыналған ҳәм үйлестирилген билимниң түри.
Социологиялық изертлеўлердиң көрсетиўинше, интернеттен көп пайдаланған инсан мағлыўматқа бай болады, бирақ күшли пикирлеў бойынша артта қалыўы мүмкин. Китап оқыған инсан болса кемирек мағлыўматқа ийе болса да, онда таллаў ҳәм жуўмақ шығарыў қәбилети күшли болады.
Бирақ инсан өмиринде биреўин таңлап, екиншисинен ўаз кешиў мүмкин емес. Китап ҳәм интернет үйлесими – заманагөй раўажланыўдың тийкарғы жолы. Инсан интернеттен информация алса, оны китап арқалы тереңлестириўи керек.
Солай екен, бәсекиде жеңимпаз инсанның өзи. Егер ол интернетти дурыс басқарса ҳәм китапқа муҳаббатын жоғалтпаса, бул еки дәрек оның дүньяқарасын байытып, руўхый жетик шахс болып қәлиплесиўине хызмет етеди.
Нигора Раҳмонова,
ӨзА