Сенатта баспалардың 248 инде бас редактор лаўазымы жоқ екенлиги сынға алынды

119

Мәмлекетимизде баспа жумысы тараўын жетилистириў, сапалы әдебиятларды басып шығарыўды қоллап-қуўатлаў, китапқумарлық мәдениятын ғалаба ен жайдырыўға қаратылған избе-из илажлар әмелге асырылмақта.

Кейинги төрт жылда баспалардың саны 3,5 есеге көбейип, 590 ға жеткен. Соннан жеке меншик баспалар 531 (90 процент) ди қурамақта. Баспалардың өндирислик қуўатлылығы 2 есеге артып, ҳәр жылы орташа 11 мың атамада (алдын 7 мың) 40 миллион нусқада китап басып шығарылмақта.

Тараўға 25 миллион доллар тиккелей инвестициялар киргизилип, 2025-жыл 1-январьдан баслап баспа кәрханалары пайда салығын төлеўден 5 жыл мүддетке азат етилди.

Сенаттың Жаслар, ҳаял-қызлар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитетиниң мәжилисинде бул ҳаққында сөз болды. Таллаўлар әмелдеги нызамшылықты буннан былай да жетилистириў зәрүр екенлигин көрсеткени атап өтилди.

Атап айтқанда, ҳәзирги ўақытта баспа бас редакторының ҳуқықый статусы, оған қойылатуғын талаплар ҳәм жуўапкершилигине байланыслы нормалардың жоқ екенлиги әмелиятта айырым машқала ҳәм кемшиликлерди келтирип шығармақта. Соның ишинде, китапларда нызамшылық ҳәм социаллық әдеп-икрамлылыққа қайшы келетуғын, балалардың жас өзгешеликлерине сәйкес келмейтуғын, тарийхый фактлер ҳәм медицинаға байланыслы китапларда надурыс мағлыўматлардың басып шығарылыўы, сондай-ақ, басып шығарылған китаплар мәмлекетлик стандартлардың талапларына сәйкес келмейтуғыны бақланбақта. Баспалардың 248 инде бас редактор лаўазымы жоқ.

Усындай кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде ислеп шығылған “Баспа жумысы ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы нызамына қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам мәжилисте додаланды.

Нызамда бир қатар жаңа нормалар белгиленбекте. Атап айтқанда, бас редактор лаўазымына жоқары мағлыўматқа ҳәм баспа жумысында кеминде үш жыл жумыс стажына ийе болған шахс тайынланыўы мүмкин екенлиги атап өтилмекте. Онда бас редактор басылымның дөретиўшилик жумысы ушын нызамшылыққа муўапық жуўапкер болатуғыны белгиленбекте. Буннан тысқары, бас редактор басылымлардың тематикалық бағдарларынан келип шығып, тийисли экспертлер ҳәм илимпазлардың ямаса илимий-изертлеў мәкемелериниң рецензияларын еркин түрде алыў ямаса автордан (авторлардан) оларды усыныўды талап етиў ҳуқықына ийе екени белгиленбекте.

Нызамның қабыл етилиўи китаплардың миллий стандартлар тийкарында басып шығарылыўы, китапларда нызамшылыққа ҳәм социаллық әдеп-икрамлылыққа қайшы мазмундағы мәлимлемениң тарқатылыўының алдын алыў ҳәм баспалардың социаллық жуўапкершилигин арттырыўға хызмет етеди.

Мәжилисте Гендер теңликке ерисиў стратегиясының орынланыў жағдайы додаланды.

Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик, Ишки ислер министрликлери, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети жуўапкерлериниң мәселе бойынша мәлимлемеси тыңланды.

Сенаторлар тәрепинен орынланыўы артта қалып атырған ўазыйпалардың орынланыўын, атап айтқанда, бул бағдарлардағы халықаралық рейтинг ҳәм индекслерде Өзбекстанның орнын жақсылаў ушын жумысларды буннан былай да жеделлестириў мақсетинде тәсиршең илажлар көриў бойынша усыныслар берилди.

Гендер теңликке ерисиў стратегиясының орынланыў жағдайына байланыслы әҳмийетли мәселелер бойынша аналитикалық мағлыўматларды Ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин арттырыў, гендер теңлик ҳәм шаңарақ мәселелери бойынша республикалық комиссияға усыныў нәзерде тутылмақта.

Н.Абдураимова,

ӨзА