Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпинниң инсан ҳуқықларына байланыслы китабы өзбек тилинде басып шығарылды

Ташкент қаласында Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзинпиньниң өзбек тилинде биринши мәрте басып шығарылған “Инсан ҳуқықларын ҳүрмет етиў ҳәм кепилликлеў ҳаққында” атамасындағы китабының презентациясы болып өтти.
Илаж Қытай Инсан ҳуқықларын үйрениў бойынша жәмийети, Қытай Халық Республикасының Әдебиятларды шет тиллерде басып шығарыў ҳәм тарқатыў ислери бойынша басқармасы, ҚХРдың Өзбекстандағы елшиханасы ҳәм Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы менен биргеликте шөлкемлестирилди.
Илажда 14-шақырық Улыўмақытай комитети Халық сиясий мәсләҳәт кеңесиниң турақлы ағзасы, Миллий ҳәм диний ислер бойынша комиссия баслығының орынбасары, Қытай инсан ҳуқықларын үйрениў жәмийетиниң атқарыўшы вице-президенти Цзян Цзяньго, Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайының директоры Акмал Саидов, ҚХРдың Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Юй Цзюнь, дипломатиялық корпус, илимий ҳәм академиялық дөгереклер, мәмлекетлик уйымлар, жәмийетлик шөлкемлер, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, сондай-ақ, Қытай ҳәм Өзбекстанның инсан ҳуқықлары тараўындағы экспертлери қатнасты.
Китап Қытайдың инсан ҳуқықларын қорғаў мәселелерине байланыслы концептуаллық көзқарасларын ашып беретуғын дәрек сыпатында айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди. Бул китаптың өзбек тилинде басып шығарылыўы илимий мәрипат алмасыў, мәмлекетлераралық қарым-қатнасты тереңлестириў ҳәм гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиў ушын жаңа имканиятлар есигин ашатуғыны атап өтилди.
***
Си Цзиньпинниң “Инсан ҳуқықларын ҳүрмет етиў ҳәм кепилликлеў ҳаққында”ғы китабына бағышланған илимий-әмелий семинар да шөлкемлестирилди.
Қытай тәрепиниң ўәкиллери Өзбекстан Республикасы Президентиниң басшылығында мәмлекетте инсан ҳуқықлары тараўында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелерин жоқары баҳалады.
Өзбекстанның халықаралық майданларда алға қойған басламалары қоллап-қуўатланды. Бул ҳәрекетлер регионның турақлы раўажланыўы ҳәм дүнья жәмийетшилигине интеграцияласыўы, мәмлекетлер арасында өз-ара түсинисиў ҳәм бирге ислесиўди беккемлеў бағдарында үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.
Қатнасыўшылар ҳуқықый сөйлесиў ҳәм институционаллық бирге ислесиўди раўажландырыў инсан ҳуқықларын қорғаў миллий системаларының нәтийжелилигин арттырыўға хызмет ететуғынын айрықша атап өтти.
Шығып сөйлегенлер инсан ҳуқықлары тараўында маман қәнигелерди таярлаўға қаратылған илимий-ағартыўшылық басламалардың әҳмийетин жоқары баҳалады. Сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Қытай университетлери ҳәм илимий орайлары арасында биргеликтеги изертлеў жойбарлары ҳәм академиялық алмасыўларды раўажландырыў әҳмийетли екенлигине итибар қаратылды.
Семинар жуўмағында тәреплер инсан ҳуқықлары тараўындағы заманагөй қәўип-қәтерлерди терең үйрениў ҳәм әмелий усыныслар ислеп шығыўға қаратылған биргеликтеги форумлар, семинарлар ҳәм эксперт ушырасыўларын шөлкемлестириў арқалы еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиўге таяр екенин билдирди.
***
Илаж шеңберинде А.Саидов ҳәм Ц.Цзяньго ушырасыўы болып өтти.
Қытай делегациясы ағзаларына Өзбекстанның миллий нызамшылығы ҳәм инсан ҳуқықларын тәмийинлеў тараўындағы тийкарғы өзгерислер ҳаққында толық мағлыўмат берилди. Атап айтқанда, Инсан ҳуқықлары бойынша 2030-жылға шекем мөлшерленген миллий стратегия жойбары ислеп шығылған.
Өз гезегинде, Қытайда әмелге асырылған избе-из реформалар ҳәм ашық-айдынлық сиясаты нәтийжесинде жоқары қәдирият есапланған инсан ҳуқықларын қорғаў бағдарында әҳмийетли нәтийжелерге ерисилгени атап өтилди.
Ц.Цзяньго Өзбекстанның инсан ҳуқықлары тараўында ерискен раўажланыўын жоқары баҳалап, бул бағдардағы жедел ҳәм кең көлемли реформаларды – шексиз жаңаланыўлар, деп баҳалады. Өзбекстан Республикасының халықаралық басламалары тийкарында БМШ Бас Ассамблеясының 15 резолюциясы қабыл етилгенин атап өтти.
Бул бағдардағы нәтийжели қәдемлер, өз гезегинде, мәмлекеттиң халықаралық майдандағы абырайы барған сайын артып атырғанын айқын көрсетпекте. Әсиресе, Қытай Халық Республикасы ҳәм Өзбекстан Республикасы биргеликте ислеп шығылған “Цивилизациялараралық қарым-қатнас халықаралық күни” атамасындағы резолюцияның БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен қабыл етилгенине айрықша итибар қаратылды.
Бирге ислесиўди және де тереңлестириў мақсетинде бир қатар анық режелер, атап айтқанда, инсан ҳуқықлары тараўындағы миллий стратегиялар ҳәм ҳәрекетлер режелерин әмелге асырыўға көзқарасларды үйрениў, инсан ҳуқықлары бойынша халықаралық ҳәм миллий күн тәртибиниң әҳмийетли мәселелери, соның ишинде, санлы мәканда ҳуқықларды қорғаў ҳәм қолайлы қоршаған орталыққа болған ҳуқықты тәмийинлеў сыяқлы заманагөй қәўип-қәтерлер бойынша турақлы биргеликтеги семинарлар ҳәм конференциялар өткериў бойынша келисип алынды.
Н.Абдураимова,
А.Мамадаминов (сүўрет), ӨзА