“Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле – журт көрки” сүрени астында улыўмахалықлық қайырқомлық шембилиги өткериледи

168

Халқымызда әсирлер даўамында өз мазмун-мәнисин жоғалтпай киятырған ибратлы қәдириятлар бар. Аўызбиршилик, өз-ара мийрим-шәпәәт, сақаўат, басқалардың аўырын жеңил етиў сыяқлы ийгиликли түсиниклерди өзинде жәмлеген мине усындай қәдириятлардан бири – шембилик болып есапланады.

Мәмлекетимизде ең уллы, ең әзиз әййям – Ғәрезсизлик байрамы алдында улыўмахалықлық қайырқомлық шембилигин шөлкемлестириў жақсы дәстүрге айланған.

22-23-август (жума-шемби) күнлери “Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле – журт көрки” сүрени астында улыўмахалықлық қайырқомлық шембилигин өткериў нәзерде тутылмақта.

Бул процессте улыўма халықлық қайырқомлық шембилигин өткериў бойынша жумысшы топардың қурамы тастыйықланды.

Ҳәр бир мәҳәлледе шембилик даўамында әмелге асырылатуғын жумыслар көше ҳәм шаңарақ кесиминде белгилеп алынды. Соның ишинде, мәҳәллелерди абаданластырыў бағдарында 24,9 мың гектардан аслам майданлар абаданластырылады. 19,7 мың тоннадан аслам шығынды шығарып тасланады, 21,3 мың километр узынлықтағы салма ҳәм лотоклар тазаланады.

Жасларды тартқан ҳалда 10 мың 724 қойымшылық (соннан, 515 и оңлаўға мүтәж) абаданластырылады ҳәм оңланады. 638 зыярат етиў орны ҳәм 143 мыңнан аслам көше тәртипке келтириледи. 20 миллионнан аслам тереклер ҳәкленип, оларға форма бериледи.

Шембилик даўамында кем кеўил, жәрдемге мүтәж ўатанласларымызға да айрықша итибар көрсетиледи. Соның ишинде, халықты социаллық қоллап-қуўатлаў бағдарында 44 мың 322 кем тәмийинленген шаңарақлардың турақ жайлары көмек жолы менен оңланады. 98 мың 581 кем тәмийинленген шаңарақлардың қыйтақ жерлерине егинлер егиледи. 61 мың 816 жәрдемге мүтәж шаңарақлар, соның ишинде, 23 мың 650 майып ҳәм жалғыз кексениң ҳалынан хабар алынып, оларға материаллық жәрдемлер көрсетиледи.

Сондай-ақ, халық ўәкиллериниң қатнасыўында 450 ге шамалас турмыслық хызмет көрсетиў шақапшалары, өндирис кәрханалары, мәҳәлле имаратлары, балалар спорт майданшалары ҳәм басқа да социаллық объектлер пайдаланыўға тапсырылады.

Соның менен бирге, ҳәр бир мәҳәлледе елимизде әмелге асырылып атырған абаданластырыў жумыслары, саламат турмыс тәризи ҳәм санитариялық-гигиеналық мәдениятты үгит-нәсиятлаўға байланыслы дөгерек сәўбетлери ҳәм семинарлар шөлкемлестириледи.

Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы алдынан шөлкемлестирилип атырған улыўмахалықлық қайырқомлық шембилиги халқымыздың аўызбиршилиги ҳәм тилеклеслигиниң және бир өзине тән үлгиси болатуғыны сөзсиз.

Назокат Усмонова, ӨзАның хабаршысы