Орайлық банк баслығының парламентлик сораўға жуўабы көрип шығылды

Нызамшылық палатасының мәжилисинде Орайлық банк баслығы Т.Ишметовтың “Банк системасын реформалаў ҳәм коммерциялық банклерди трансформациялаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар”ға байланыслы парламентлик сораўға жуўабы ҳәр тәреплеме додаланды.
Сораўда мәмлекетлик үлеске ийе банклерди трансформациялаў, халықаралық стандартлар ҳәм мәлимлеме технологияларын енгизиў, сырт ел инвесторларын тартыў, банк хызметлериниң қамтып алыныўын кеңейтиў, финанслық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм коррупциялық факторларды сапластырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Орайлық банктиң жуўабында атап өтилгениндей, 2020-2025-жылларда 3 банк меншиклестирилип, 9 жаңа жеке меншик банк, соның ишинде, 3 сырт ел қаржы мәкемесиниң жумысы жолға қойылған. Соның нәтийжесинде мәмлекетлик үлеске ийе банклер активлериниң үлеси 85 проценттен 65 процентке шекем қысқарған.

Депутатлар парламентлик сораўға алынған жуўапта келтирилген нәтийжелерди унамлы баҳалады. Атап айтқанда, 2020-2025-жыллар даўамында мәмлекетлик үлеске ийе банклердиң капитал базасын беккемлеў мақсетинде жәми 34,1 триллион сум қаржы қаратылған. Бул илажлар кредитлеў имканиятларын кеңейтиў, банк хызметлериниң сапасын арттырыў ҳәм системаның финанслық турақлылығын тәмийинлеўге хызмет еткен.
2021-жыл апрель айынан баслап Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде жеңиллетилген кредитлер алыў, ашық-айдынлықты, қаржылардың нәтийжелилигин тәмийинлеў мақсетинде www.oilakredit.uz (https://www.oilakredit.uz/) бирден-бир электрон платформасы иске қосылды. Бул арқалы шаңарақлық кредитлерди мониторинг етиў ҳәм қадағалаў имканияты жаратылды.
Халық ўәкиллери келешекте халық ҳәм киши бизнес ушын аралықтан хызметлерди раўажландырыў мақсетинде мәлимлеме қәўипсизлиги ҳәм киберқәўипсизлик илажларын кеңейтиў зәрүрлигине итибар қаратты. Соның менен бирге, банк ҳәм төлем шөлкемлери арасында мағлыўматларды қорғалған телекоммуникация тармақлары арқалы жеткерип бериў имканиятын беретуғын арнаўлы мәлимлеме системасын енгизиў жумысларын жеделлестириў бойынша усыныслар берди.
Мәжилисте усынылған парламентлик сораўға жуўап мағлыўмат ушын қабыл етилди.
Муҳтарама Комилова, ӨзА