Имканияты шекленгенлерди спортқа тартыў жумыслары қандай? – Министрге парламентлик сораў жиберилди

129

Парламенттиң төменги палатасының мәжилисинде депутатлар спорт министри А.Икромовқа “Халықтың кең қатламлары, соның ишинде, физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахслар арасында денетәрбия ҳәм спорт бойынша ғалабалық илажларды шөлкемлестириў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында”ғы парламентлик сораўды жибериў ҳаққындағы мәселени көрип шықты.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахсларды мәмлекет тәрепинен ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, олардың спорт пенен турақлы шуғылланыўы ушын зәрүр шараятларды жаратыў, халықаралық спорт жарысларында мүнәсип қатнасыўын тәмийинлеў бағдарында системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, тараўда өз шешимин күтип атырған айырым машқалалар сақланып қалмақта. Соның ишинде, Президентимиздиң 2024-жыл 8-ноябрьдеги “Майыплығы болған шахсларды спортқа тартыў арқалы физикалық реабилитациялаў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарарында белгиленген айырым мәселелердиң орынланыўы толық тәмийинленбеген. Атап айтқанда, республикамыздағы спорт мектеплериниң көпшилик бөлеги, әсиресе, белгили бир спорт түрине қәнигелескен спорт мектеплери бейимлестириўши спорт түрлери бойынша спорт үскенелери менен толық тәмийинленбеген.

 

Сондай-ақ, бейимлестириўши денетәрбия ҳәм спорт тараўында қәнигелерди таярлаў институтында гереңлер ҳәм көзи әззилер спорты, арнаўлы олимпиада спорт түрлери және майыплығы болған шахслар шуғылланатуғын басқа да спорт түрлери бағдарларында қәнигелигин арттырыў курслары жетерли дәрежеде шөлкемлестирилмеген.

Майыплығы болған шахслардың функционаллығын баҳалаў нәтийжелерине муўапық, физикалық реабилитация хызметлерин көрсетиў системасы жетилистирилиўи керек. Бул категориядағы шахслардың спорт пенен шуғылланыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм инфраструктураны бейимлестириў мәселелери де бүгинги күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселе болып есапланады.

Мәжилисте жоқарыдағылардан келип шығып, халықтың кең қатламлары, соның ишинде, физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахслар арасында денетәрбия ҳәм спорт бойынша ғалабалық илажларды шөлкемлестириў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша тийкарланған түсиниклер бериў ҳаққында спорт министрине парламентлик сораў жиберилди.

Муҳтарама Комилова,

ӨзА