Тақыркөлде заманагөй санаат кәрханасы қурылмақта
Нөкис районы Тақыркөл аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «OSTEN TECHNOLOGIES» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен ири санаат жойбары әмелге асырылмақта. Жойбардың улыўма баҳасы 24 миллион долларды қурайды.
Бул өндирислик баслама Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасын раўажландырыў бойынша қабыл етилген 129-санлы Пәрманы тийкарында әмелге асырылмақта. Усы пәрманға муўапық, инвестиция киргизиў миннетлемеси менен компанияға тиккелей жер майданы ажыратылған.
Жойбарды иске қосыў нәтийжесинде 300 жаңа жумыс орны жаратылады. Кәрхана жылына 900 мың метр ысытыў радиаторларын ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе болады. Сондай-ақ, 10,8 миллион долларлық таяр өнимлерди экспортқа бағдарлаў режелестирилген.
Жуўапкерлердиң атап өтиўинше, бул заводтың иске қосылыўы тек ғана жергиликли халық ушын жаңа жумыс орынларын жаратып қоймастан, ал аймақтың санаат потенциалын да арттырады. Соның менен бирге, экспортқа жарамлы өним ислеп шығарыў арқалы мәмлекетке валюта түсимлериниң көбейиўине хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги