Өзбекстан-Қытай: ҳуқықый тараўда бирге ислесиў кеңейтиледи

159

Қытай Халық сиясий мәсләҳәт кеңеси  Миллий комитетиниң ағзасы, Инсан ҳуқықларын үйрениў бойынша Қытай жәмийети баслығының орынбасары мырза Цзян Цзяньго басшылығындағы делегация Өзбекстан Республикасы  Әдиллик министрлигине барды.

Әдиллик министриниң орынбасары Шерзод Рабиев пенен  ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Қытай арасында избе-из раўажланып атырған өз-ара бирге ислесиўге итибар қаратылды. Мәмлекетимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Соның ишинде,  әдиллик ҳәм ҳуқық системасын жетилистириў, инсан ҳуқықлары, ҳуқықый үгит-нәситялаў, юридикалық билимлендириў ҳәм пуқаралардың нызамлы мәплерин исенимли қорғаў бойынша көрилип  атырған илажлар айрықша атап өтилди.

Өзбекстан Республикасының жаңаланған Конституциясы, инсан ҳуқықларын  беккемлеўге  қаратылған миллий нызамшылық нормалары, Әдиллик министрлиги тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында толық мағлыўмат  берилди.

Мырза Ц.Цзяньго қызғын қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў Өзбекстан ҳәм Қытай ушын тийкарғы  мәселе екенин атап  өтти.

Дослық ҳәм конструктивлик руўхта өткен  ушырасыў жуўмағында бул сапар етиў еки  тәреплеме  қатнасықларды және де беккемлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Тәреплер келешекте өз-ара пайдалы бағдарларда бирге ислесиўди кеңейтиўге таяр екенин билдирди.

Н.Абдураимова, ӨзА