Халқымыздың жоқары дөретиўшилик потенциалы ҳәм өзбек спортының дүньяға танылған жетискенликлериниң айқын белгиси

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 18-август күни Ташкент қаласында қурып питкерилген Олимпиада қалашасы, Жоқары Шыршық районындағы Миллий Футбол орайының жумысы ҳәм жаңа туризм инфраструктурасы объектлери менен танысты.
Мәмлекетимизде кейинги жылларда барлық тараўларда кең көлемли избе-из реформалар әмелге асырылмақта. Оның нәтийжесин жалпы ишки өним көлеминиң өсиўи, исбилерменлик субъектлериниң саны есесине артып атырғаны, санааттағы жоқарылаў, кәмбағаллық дәрежесиниң төменлеўи сыяқлы әҳмийетли бағдарларда көрмектемиз.
Ғәрезсизлик халқымызға, әне, усындай еркинлик ҳәм жаңа өмир алып келгенин бүгин көп еске алмақтамыз. Мәмлекетимиздиң барлық аймақларында Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллық байрам нәпеси гезип жүрипти. Байрам алдынан түрли социаллық тараў объектлери ҳәм басқа объектлер қурып питкерилмекте. Бул халқымызға тән қәдирият – тойға саўға.
Пайтахтымыздағы Олимпиада қалашасында да, әне, усындай байрам кейпияты ҳүким сүрмекте. Мәмлекетимиз басшысы усы комплекске барды.
Оның қурылысына 2022-жыл 9-ноябрьде тырнақ тасы қойылған еди. Сол ўақытта мәмлекетимиз басшысы Олимпиада қалашасы халқымыздың жоқары дөретиўшилик потенциалы ҳәм өзбек спортының үлкен жетискенликлериниң символына айланатуғынын, архитектуралық жақтан жетик, энергияны үнемлейтуғын ҳәм ең алдынғы инновациялық шешимлерди жәмлеген заманагөй комплекс болатуғынын атап өткен еди.
Атап өткениндей – қысқа ўақыт ишинде 100 гектардан аслам майданда саўлатлы комплекс бой тикледи. Дерлик 290 миллион долларлық бул бийбаҳа жойбар “CAMC Engineering” компаниясы тәрепинен халықаралық талапларға муўапық әмелге асырылды.
Қалашада 5 тийкарғы спорт комплекси жайласқан.
Атап айтқанда, Велодром қурамалы инженерлик шешимлер тийкарында, өзине тән дизайнда қурылған. Оның ағаш қапламасының сапасы, траекториясы ҳәм бурылыў мүйешлери Халықаралық Олимпиада комитетиниң талапларына жуўап береди. Соның ишинде, жол ең беккем тереклерден исленген, қабатпа-қабат жатқарылған. Бул сапа турақлы сақланыўы ушын велодромда жыл даўамында бир түрдеги температура тәмийинленеди. Ҳәттеки велоспортшыларға ҳаўа қарсылығына шекем есапқа алынған.
Трекке жақтылық бирдей ҳәм теңдей дәрежеде түседи. Бул спортшыларға қолайлы болыўы менен бирге, тамаша ҳәм телевидение трансляциясы нормаларына да сәйкес келеди. Орынлықлар 2 мың 200 адамға мөлшерленген. Халықаралық Олимпиада комитетиниң жаңа талабы бойынша тамаша орынларына қорғаныў тосығы орнатылған.
Сондай-ақ, комплекс көп функциялы болып, бул жерде стол тенниси, қылышласыў бойынша жарыслар ҳәм шынығыўлар өткериў де мүмкин. Бундай дәрежедеги велодром Өзбекстанда бириншиси.
Жуўапкерлерге аймақларда шараят жаратып, велоспортты раўажландырыў бойынша бағдарлама таярлаў ўазыйпасы қойылды.
Президентимиз стол тенниси ҳәммеге қолайлы, арзан спорт екенин атап өтип, ҳәр бир мектеп ҳәм мәҳәлледе оны ғалаба ен жайдырыў, әсбап-үскенелерин ислеп шығарыў бойынша көрсетпелер берилди.
Қалашаның орайында 12 мың орынлық стадион жайласқан. Халықаралық турнирлер ўақтында бул жерде салтанатлы мәресимлер шөлкемлестириледи. Тийкарғысы, жасыл майдан ҳәм 9 қатарлы жуўырыў жолында жеңил атлетиканың 48 бағдары бойынша жарыслар өткериледи. Соның ишинде, жәҳән чемпионаты, Бриллиант лигасы, параатлетика беллесиўлери, көзи әззилер арасында IBSA ойынларын шөлкемлестириў мүмкин. Басқа ўақытларда стадионнан жергиликли оқыў-жыйынлары, әмелий шынығыўлар арқалы дуал билимлендириўде пайдаланылады.
Стадиондағы төрт қабатлы имаратта сайланды командалардың қәнигелери ҳәм спорт федерациялары жумыс алып барады.
Жеңил атлетика ҳәм пара спорт түрлери халықтың саламатлығын беккемлеўде жүдә нәтийжели. Олимпиада ҳәм Азия ойынларында олар бойынша бағдарлама да кең. Бирақ елимизде бул имканиятлар толық иске қосылмай атырғаны көрсетип өтилди.
Сонлықтан жеңил атлетиканың барлық бағдарларын раўажландырыў бойынша тапсырма берилди. Оған бола, ўәлаятлардағы стадионлар реконструкцияланып, жеңил атлетика ушын шараятлар жақсыланады, сырт елден тренерлер алып келинеди, спортшылардың шеберлигин арттырыў мақсет етип қойылады.
Үлкен суў спорты сарайы да заманагөй ҳәм қолайлы. Онда 25х50 метрлик жүзиў ҳәм 25х20 метрлик суўға секириў бассейнлери, шынығыўлар ушын бассейн ҳәм тренажёр заллары бар. Барлық шараятлар ҳәм өлшемлер халықаралық олимпиада стандартының талапларына жуўап береди.
Жақында “World Aquatics” федерациясы делегациясы комплексти көзден өткерди ҳәм буны тастыйықлады. Яғный, бул жерде жүзиў, суўға секириў, синхрон жүзиў, суў полосы бойынша континент ҳәм жәҳән чемпионатлары, Олимпиада бағдарламасындағы абырайлы жарысларды шөлкемлестириў имканияты бар. Оларды 2 мыңнан аслам ықласбентлер тамаша етиўи мүмкин.
Мәмлекетимиз басшысы суў спорт түрлерин раўажландырыў, халықаралық турнирлерде нәтийжелерди жақсылаў бойынша өз пикирлерин билдирди.
Командалық ҳәм жеке гүрес спорт түрлери комплекслери де халықаралық талаплар дәрежесинде қурылған. Олардың ҳәр бири үш қабатлы, 2 мың орынлық. Соның ишинде, бириншисинде волейбол, баскетбол ҳәм гандбол бойынша шынығыўлар ҳәм халықаралық жарысларды өткериў мүмкин. Жеке гүреслер комплекси дзюдо, бокс, таэквондо сыяқлы спорт түрлерин раўажландырыўға тийкар болады.
Президентимиз усы жерде спортшылар менен сәўбетлести.
– Халықаралық жарысларда байрағымызды бәлент көтерип, мәмлекетимиздиң раўажланыўын көрсетип атырсыз. Сизиң ҳәр бир жетискенлигиңиз халқымыз ушын үлкен мақтаныш, жасларымызға ғайрат, күш-жигер. Бул ҳәрекетлерди даўам еттирип, балаларды изинизден ертип, спортымызды және де раўажландырыўыңызды тилеймиз, – деди Шавкат Мирзиёев.
Олимпиада қалашасында футбол, волейбол, теннис, шөп үстинде хоккей, жеңил атлетика сыяқлы 15 ашық майдан да қурылды.
Буннан тысқары, 400 орынлық паралимпия жатақханасы, спорт медицинасы илимий-әмелий орайының қурылысы жуўмақланыў басқышында.
Қалашадағы барлық имаратлар энергияны үнемлейди. Автомобиль туратуғын орынлардың үстинде қуяш панеллери орнатылады.
Олимпиада қалашасы – мәмлекетимиз спортының илимий, әмелий, оқыў-шынығыў орайы.
Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёев 2023-жыл 18-ноябрьде Олимпиада қалашасының қурылысы менен танысыў ўақтында айтқан еди.
– бул жерде шынығыўлар менен бирге спорт билимлендириўи, илими, медицинасы болыўы зәрүр. Яғный, бул жер мәмлекетимиз спортының илимий, әмелий, оқыў-шынығыў орайы болады, – деген еди мәмлекетимиз басшысы.
Усыған муўапық, қалашада Спорт министрлиги, Антидопинг агентлиги, мәмлекетлик спорт академиясы, Дене тәрбия ҳәм спорт илимий изертлеўлер институты, Спорт түрлерин раўажландырыў орайы да жайластырылған.
Бул гезектеги сапар ўақтында Олимпиада қалашасының инфраструктурасынан нәтийжели пайдаланыў режелери, спорт шөлкемлериниң жайласыўы ҳәм жумысы бойынша мәлимлеме берилди.
Бәринен бурын, қалашада халықаралық дәрежедеги жарыслар өткериледи. Комплекслер оннан кейин де босап қалмайды. Мәмлекетимиз сайланды командаларының оқыў-шынығыўлары шөлкемлестириледи. Федерациялар спорт мектеплери менен байланысады.
Аймақта ҳәм комплекслерде ўатанласларымыз да спорт пенен шуғылланыўы мүмкин болады.
Президентимиз усы жерде тараў жуўапкерлери ҳәм спорт федерацияларының басшылары менен сөйлести.
– Бәринен бурын, спортшыларымыз ҳәм федерацияларды мине, усындай орай менен қутлықлайман. Оның менен жас әўлад саламатлығына, болажақ жетискенликлерге үлкен тырнақ салдық. Бирақ бул жумыстың ең аңсаты. Қыйыны – спорт түрлерин ғалаба ен жайдырыў, профессионал спортшыларды таярлаў. Биз спортты ҳәм саламатлық, ҳәм нәтийжелилик көзқарасынан раўажландырып барамыз. Қудай қәлесе, усындай Олимпиада қалашалары ўәлаятларда да қурылады. Тийкарғы мақсет – жасларымыздың саламат ҳәм бәркамаллығы, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Бизге белгили, 2024-жылы Парижде өткен Олимпиада ҳәм Паралмпиада ойынларында елимиз спортшылары табыслы қатнасып, улыўма командалық есапта ҳәр еки бағдара 13-орынды ийелеген еди. Енди олимпиада ҳәрекетин және де раўажландырыў, келешектеги жарысларда нәтийжелерди арттырыў мақсет етилген.
Мәмлекетимиз Президентиниң усы жыл 8-июльдеги қарары менен Өзбекстан спортшыларын 2028-жылғы Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларына таярлаў бағдарламасы қабыл етилди.
Бул бағдардағы жумысларды системалы шөлкемлестириў мақсетинде Миллий олимпиада комитетиниң 14 аймақлық бөлими шөлкемлестирилди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери Олимпиада ҳәрекетин раўажландырыў бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы ўәкили етип белгиленди. Ҳәр бир аймаққа Спорт министрлиги ҳәм Олимпиада комитетинен жуўапкерлер бириктирилди.
Талантлы спортшыларды ең төменги буўыннан баслап сайлаў ҳәм профессионал етип таярлаў ушын үш басқышлы «Жаңа Өзбекстан Олимпиада шоққылары» жарысы жолға қойылды. Оның финал басқышы ҳәр жылы Олимпиада қалашасында «Президент Олимпиадасы» сыпатында өткериледи. Жеңимпаз ҳәм сыйлы орынды ийелеген спортшылар Олимпиада орайларына тартылып, профессионал таярланады.
Республикалық олимпиада ҳәм паралимпиада орайының жумысы миллий сайланды командалар резервин жаратыўға қаратылады. Оқыў-шынығыўлар өткерип барыў ушын Олимпиада қалашасының комплекслери орайға бийғарез тийкарда бириктириледи.
Сондай-ақ, атлетлердиң резервин кеңейтиў мақсетинде жеке меншик спорт клубларының жумысы жетилистирип, рәсмий жарыслардағы қатнасыўы тәмийинленеди. Жоқары нәтийже көрсеткен спортшылар миллий сайланды командаларға қабыл етилиўи мүмкин болады.
Президентимиз спорт түрлерин ғалаба ен жайдырыў мәселесине айрықша әҳмийет қаратпақта.
– Мәртлик, гүресиўшеңлик халқымыздың қанында бар. Адамларымыз спортты жақсы көреди. Оны қоллап-қуўатлап, мәҳәллелерде спортты және де ғалаба ен жайдырыў керек. Оның ушын орынларда шараят бар. Және қурмақтамыз. Нәтийже де ғалабалықтан келип шығады, – деди Шавкат Мирзиёев.
Жуўапкерлерге тараўды санластырыў, спорт федерацияларының жумысын күшейтиў, нәтийжели спорт түрлерин көбейтиў бойынша көрсетпелер берилди.
Соң Президент Шавкат Мирзиёев Ташкент ўәлаяты Жоқары Шыршық районында қурылған Миллий футбол орайын барып көрди.
Мәмлекетимиз басшысы еки жыл алдын бул жерге келип, бар стадионға тутас аймақта заманагөй комплекс қурыў зәрүр екенлигин айтқан еди. Көп өтпей, 2023-жыл 3-ноябрьде «Футбол-билимлендириў мәкемелери тармағын кеңейтиў ҳәм халықаралық стандартларға сәйкес келетуғын футбол инфраструктурасын раўажландырыў илажалары ҳаққында»ғы Президент қарарына қол қойылды.
Ғәрезсизлик байрамы алдында пайдаланыўға тапсырылған бул орай бунда оғада әҳмийетли буўын болып есапланады. Бул жерде бир ўақыттың өзинде 6 сайланды командамыздың оқыў-шынығыў жыйынларын өткериў имканияты бар. Оның ушын стандионлар, оқыў имаратлары, спорт заллары, мийманхана қурылған. Пляж футболы майданы, футзал манежи, бассейн ҳәм реабилитация бөлими қосымша қолайлықлар жаратқан.
Комплексте профессионал футболшы ҳәм қәнигелерди таярлаў ушын төрт структура дүзилди. Олар – Футбол қәнигелерин таярлаў ҳәм илимий-изертлеў орайы, Футбол сайланды командаларын таярлаў орайы, Республикалық футбол академиясы, Спорт медицинасы ҳәм реабилитация орайы болып есапланады.
Президентимиз оларда жаратылған шараятлар менен танысты.
Футбол медицинасы ҳәм реабилитациясы бөлимине сырт ел үскенелери алып келинген, ең алдынғы усыллар өзлестирилген. Бул футболшыларға қысқа ўақыт ишинде физикалық жақтан тиклениў имканиятын береди.
Футбол академиясында жас қәбилетлилер сайланып, тәрбияланады. Оны халықаралық дәрежеде шөлкемлестириў ушын орайға Аргентина, Венгрия ҳәм Хорватия сыяқлы мәмлекетлерден қәнигелер тартылған. Олар маман тренер, төреши, таллаўшы, селекционер ҳәм футбол менеджерлерин таярлаўда қатнаспақта. Комплексте «VAR орайы» да шөлкемлестирилген.
Мәмлекетимиз басшысы усы жерде спорт ветеранлары ҳәм жас футболшылар менен сөйлести. Өзбекстанда футбол ең ғалабалық спорт екени, оны раўажландырыў избе-из даўам етилетуғыны атап өтилди.
Кейинги жылларда футбол системасы түп-тийкарынан жақсыланды. Балалар футболы, дөгереклерден баслап академиялар, командалар, чемпионатқа шекем итибар күшейди. Нәтийжелер избе-из көзге тасланбақта. Олардың ең әҳмийетлиси – Ўатанымыз тарийхында биринши мәрте миллий сайланды командамыз жәҳән чемпионатына шыққаны болды.
Және бир даңқлы жетискенлик апрельде Саудия Арабстанында болып өткен Азия кубогиде қолға киргизилди. 17 жасқа шекемги жас өспиримлер сайланды командамыз онда биринши орынды ийелеп, жәҳән чемпионатына жоллама алған еди.
Президентимиз бул қаҳарман футболшыларымыз бенен ушырасып, оларға меҳир-итибарын көрсетти.
– Биз ҳәмме тараўда дүньяда мүнәсип орын ийелеўге умтылмақтамыз. Спортшыларымыз оны тезирек жеткере алады. Сизлер күшли жеңисиңиз бенен халқымыз мийнет етсе, ҳәрекет етсе, ҳәмме нәрсеге уқыплы екенин және бир мәрте дәлилледиңиз. Пүткил дүнья сизиң тымсалыңызда күш-ғайратлы, мақтанышы бәлент, ҳеш қашан умтылыўдан қайтпайтуғын жаңа Өзбекстан әўладын көрди. Енди футболды ҳәзиргиден де еки-үш есеге көбирек қоллап-қуўатлаймыз. Сиздей жаслар халқымыздың исеними, Президенттиң қуўанышысыз, – деди Шавкат Мирзиёев.
Спортшылар бул шараятлар ушын мәмлекет басшысына миннетдаршылық билдирип, халқымыздың исенимин ақлаўға ўәде берди.
Мәмлекетимиздиң туризм потенциалы жылдан-жылға артып бармақта. Барлық аймақларда туристлер көбейип, заманагөй мийманханалар ҳәм туризм орайлары қурылмақта.
Ташкент қаласындағы «Жаңа Өзбекстан» бағына тутас қурылған заманагөй мийманханалар комплекси усы жумыслардың логикалық даўамы болып есапланады.
Президент Шавкат Мирзиёев орынлардағы қурылыс пенен танысыў ўақтында усы объектлерди де көзден өткерди.
Бир ўақытлары қараўсыз турған мәнзиллер бүгин абат орайға айланған. 8 гектардан аслам майданда 12 заманагөй мийманхана, 375 орынлық «Жаңа Ташкент» конференция залы, 310 орынлық ресторан, саламатландырыў орайы ҳәм ашық спорт майданы қурылған.
Мийманханаларға Қарақалпақстан ҳәм ўәлаятлардың атлары берилген. Олар 3 жулдызлы болып, 5 қабаттан ибарат, 62 хана ҳәм 124 орынға ийе. Комплекс бирден- бир концепция тийкарында жумыс ислейди ҳәм оның басқарыўы халықаралық тәжирийбеге ийе “Leo Hospitality Solutions”, “Radisson Individuals”, “Trademark Collection by Wyndham” сыяқлы абырайлы компанияларға тапсырылады.
Жеке меншик банклер усындай комплекслерди басқарыўға шерик болып кириў усынысын билдирди. Мәмлекетимиз басшысы хызмет тараўларының кеңейиўи, орынларда заманагөй орынлардың көбейиўи халықтың абаданлығына үлес қосатуғынын атап өтти.
Мийманханалар ресторан, әнжуманлар залы ҳәм дем алыў орынлары менен үйлесикли қурылғаны хызмет көрсетиў көлемин арттырады. Бул жерде жоқары дәрежедеги илажлар ҳәм ири халықаралық әнжуманлар өткерилиўи де мүмкин.
Комплексте 540 жаңа жумыс орны жаратылып, жылына орташа 55 мың туристке хызмет көрсетилиўи нәзерде тутылған. Бул жер жергиликли ҳәм сырт елли туристлер ушын және бир локация, Ташкент қаласында туризмниң раўажланыўы ушын қосымша түртки болады. Комплекстиң қурылысынан кейин әтираптағы мәҳәллелердиң инфраструктурасы да жақсыланып, халықтың абаданлығы тәмийинленди.
Мәмлекетимиз басшысы комплексте хызмет түрлерин көбейтиў ҳәм сапасын арттырыў, жергиликли ҳәм сырт елли туристлерди тартыў мәселелерине итибар қаратты. Бундай көп тармақлы хызметлерди басқа аймақларда да кеңнен жолға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Икром АВВАЛБОЕВ,
Абдулазиз РУСТАМОВ,
Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,
ӨзА хабаршылары