Жәмийеттеги аўыр машқала: бала тәрбияны кимнен алсын?!

158

Перзент – ҳәр бир миллеттиң ертеңги күни, жәмийеттиң ең бийбаҳа байлығы. Оның физикалық, руўхый ҳәм ақылый саламатлығы – мәмлекеттиӊ раўажланыўы, потенциалы ҳәм социаллық турақлылық тийкары. Тилекке қарсы, бүгинги күнде айырым жағдайларда балалардың абырайы, ҳуқықлары, инсаныйлық қәдириятларының аяқ асты етилип атырғаны жәмийетте аўыр машқалаға айланбақта. Социаллық тармақларда тарқалып атырған видеолар, ата-аналардың шағымлары ҳәм айырым бақшаларда жүз берип атырған ҳәдийселер жәмийетимизде балаларды қорғаўға байланыслы системалардың әззилигин ашып берип атыр.

Жақында дефектолог деп танылған шахстың балаларды ийттей үриўге мәжбүрлегени ҳаққындағы видео жәмийетшиликте кескин наразылық оятты. Тийкарында, медициналық-педагогикалық көрсетпелерде бундай усыл жоқ. Бул – баланы кемситиў, оған руўхый басым өткериў болып есапланады. Бул жағдай баланы тек ғана хорлап қоймастан, ал оның келешектеги руўхый турмысында аўыр из қалдырыўы мүмкин. Усы жағдайдан соң жәмийетте дефектолог ямаса психолог деген атаманы алған ҳәр қандай шахс бул лаўазымға ҳақыйқатында да мүнәсип пе, деген сораў ашық қалмақта…

Көп бақланып атырған жағдайлардан бири – балалардың қатнасыўында “кеўил ашар” деп аталыўшы видеоларда оларға басым өткерилиўи. Мәселен, балаларды бир-бири менен асхана үскенелери менен урысыў, масқаралаў ҳәм усы видеоны ҳәзил материал сыпатында кең жәмийетшиликке тарқатыў қаншелли жаман ис. Бул жәмийетимизде айырым шаңарақларда балаларға болған мүнәсибет қандай екенин ашық көрсетип береди. Тилекке қарсы, мыңлаған адамлар бундай видеоларды тамаша етпекте, оларға “like” басып ҳәм буны әпиўайы видео сыпатында қабыл етпекте. Бул болса басқаларды да усындай контент жаратыўға және де көбирек ийтермелемекте. Солай етип, биз тамашагөйлер тиккелей зорлықты өзимиз билмеген ҳалда хошаметлеймиз.

Өзин педагог деп билетуғын айырым тәрбияшылар бақшаларда балаларды сөгиў, жазалаў, гейде урыўға шекем барып атырғаны ҳаққында ата-аналардың көплеген шағымлары бар. Жәмийетшиликтиң итибарына түскен видеожазыўлар, баланың қолындағы көгериўлер, руўхый түскинлик жағдайлары бул машқалалардың реал ҳәм терең тамырға ийе екенин көрсетпекте. Бақша бул баланың жәмийет пенен биринши танысыўы. Бул жерде меҳир, исеним, итибар ең әҳмийетлиси болыўы керек еди. Тилекке қарсы, айырым орынларда бул мәкемелер баланың психологиялық жарақат алатуғын орнына айланбақта.

Бундай жағдайларды санасақ, тилекке қарсы санағымыз узақ даўам етеди. Бала тәрбиясы ҳәм оның жәмийетке бейимлесиўи социаллық процесс. Ол дүньяға қандай көз бенен қарайтуғыны ҳәм қандай инсан болыўға умтылатуғыны қоршаған орталық, яғный сиз ҳәм бизге байланыслы. Жәмийетимизде балалар ҳуқықының аяқ асты болмаўы ҳәм жоқарыдағы жағдайлардың тәкирарланбаўы ушын ҳәр бир билимлендириў ҳәм саламатландырыў мәкемесинде балаларға болған зорлық жағдайларын анықлаў ҳәм алдын алыў системасы ислеўи керек.

Бул ишки қадағалаўдан тысқары, бийғәрез мониторинг арқалы да әмелге асырылыўы зәрүр.

Блогерлер ҳәм контент жаратыўшылар ушын өз алдына нызамлы шеклеўлер ҳәм этикалық нормалар ислеп шығылыўы керек. Бала қатнасқан ҳәр қандай видеоконтент арнаўлы тексериўден өтиўи керек. Ҳәр бир пуқара, әсиресе, ата-аналар, өз баласы менен не болып атырғанын терең таллаўы керек. “Тәрбия”, “емлеў”, “оқытыў методы” нықабындағы ҳәр қандай кемситиў ҳәм қыйнаўға дәрҳал наразылық билдирилиўи, тийисли шөлкемлерге мүрәжат етилиўи керек.

Бүгинги жәмийетте балалар тек ғана меҳир-муҳаббат емес, ал күшли қорғаўға да мүтәж. Олардың ҳуқықлары, абырайы ҳәм қәдириятлары толық тәмийинлениўи – саламат ҳәм турақлы келешек кепили болып есапланады. Балаларды қорғаў ҳәм олардың ҳуқықлары тек ғана ЮНИСЕФ, Балалар омбудсманы ҳәм басқа ҳуқық қорғаў уйымлары емес, ал жәмийеттеги ҳәр бир пуқараның инсаныйлық ўазыйпасы болып есапланады.

Дилдора ДЎСМАТОВА.

ӨзА