Олий Мажлис Сенаты Баслығының Қазақстан Президенти менен ушырасыўы болып өтти

133

Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоеваның Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыў ўақтында парламентлераралық қатнасықларды раўажландырыў көзқарасынан Қазақстан-Өзбекстан стратегиялық шериклиги ҳәм аўқамласлығының әҳмийетли  мәселелери додаланды.

Президент Өзбекстан Олий Мажлиси Сенаты Баслығын қызғын қутлықлап, оның Астанаға сапары Қазақстан ҳәм Өзбекстан арасындағы стратегиялық қатнасықлардың өзине  тән белгисиниң айқын дәлили екенин атап өтти.

Қасым-Жомарт Тоқаев Танзила Норбоеваның еки халық арасындағы дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларын беккемлеўге қосқан жеке үлесин жоқары баҳалады:

«Сизиң сапарыңыз  мәмлекетлеримиз арасындағы  дослық қатнасықларды бекемлеў көзқарасынан оғада әҳмийетли. Биз туўысқан Өзбекстан менен бирге ислесиўди  раўажландырыўға үлкен әҳмийет қаратамыз. Бул Орайлық Азия  регионында  турақлылық  ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўде оғада әҳмийетли фактор, деп  есаплаймыз. Мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықлар қәншелли жақсы, тығыз ҳәм нәтийжели болса, улыўма региондағы жағдай соншелли тыныш болады. Сизиң сапарыңызға келсек, оны қатнасықларымыздың оғада әҳмийетли элементи болған парламентлераралық  қатнасықларды  беккемлеў көзқарасынан ҳақыйқаттан да әҳмийетли, деп билемен».

Өз гезегинде Танзила Норбоева Қасым-Жомарт Тоқаевқа қызғын қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, Президент Шавкат Мирзиёевтиң сәлемин жеткерди.

– Мәмлекетимиз басшысы сизге өзиниң жыллы сәлемин жоллады ҳәм алып  барып атырған  жумысларыңызда үлкен табыслар  тиледи. Биргеликте ерисилген келисимлердиң орынланыўын нәтийжели тәмийинлеўге биз, парламент ағзалары, бәрқулла  өз үлесимизди  қосамыз. Сиз айтқаныңыздай, Өзбекстан ушын Қазақстан, Қазақстан ушын Өзбекстан ең  жақын, исенимли бирге ислесиўши болып есапланады, – деди Өзбекстан Олий Мажлиси Сенаты Баслығы.

Сондай-ақ, парламентлераралық дипломатияны, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди және де раўажландырыў мәселелери де додаланды. Мәдений-гуманитарлық қатнасықларды  беккемлеўге айрықша итибар қаратылды.

Өз гезегинде, Қасым-Жомарт Тоқаев Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевқа қызғын тилеклерин жоллады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги