“Басламалы бюджет” арқалы халыққа қолайлы шараят жаратылмақта
153

Нөкис районында “Басламалы бюджет” процессиниң 2025-жыл 1-мәўсиминде ең көп даўыс жыйнап жеңимпаз деп табылған “Үлгили мәкан” МПЖ аймағында жайласқан «Нурхаят» көшесиниң 1 километр 900 метр бөлегине асфальт төсеў жумыслары алып барылмақта.
Бул жумыслар Қарақалпақстан Республикасы Аймақлық жолларға буйыртпашы мәмлекетлик шөлкеминиң буйыртпасы тийкарында “Батырбек Хабибуллаев” ЖШЖ тәрепинен әмелге асырылмақта. Қурылыс процесслеринде 10 арнаўлы техника ҳәм 15 жумысшы қатнаспақта.



Жол инфраструктурасын жақсылаў арқалы аймақ халқы ушын қолайлы ҳәм қәўипсиз ҳәрекетлениў имканиятларын жаратыў, сондай-ақ, транспорт қатнаўын жеңиллетиў нәзерде тутылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги