Диний тараўдағы реформалар: халықаралық итибар, ҳүрмет, тән алыў

АҚШтың “IslamiCity” порталы өз бетинде Жаңа Өзбекстандағы диний тараў реформалары ҳаққында мақала жәриялады. Имам Матуридий халықаралық илимий-изертлеў орайы директорының орынбасары Ш.Исламов пенен биргеликте таярланған бул мақалада соңғы жыллары дүньяның жетекши илимий орайлары ҳәм эксперт топарларының итибарын тартқан мәселе – Өзбекстандағы диний-ағартыўшылық тараўындағы реформалар, олардың табысқа алып келген факторлары ҳаққында сөз болады.
Ҳақыйқатында да, Өзбекстан Президентиниң басламасы менен басланған бул реформалар өзиниң халықшыллығы, барлық дин ҳәм исеним ўәкиллери ушын тең ҳуқық ҳәм имканиятларды кепиллейтуғыны, халқымыздың әзелий арзыў-нийетлерин өзинде жәмлегени менен айрықша әҳмийетке ийе.
Бундай деўимиздиң себеби, жақын жыллар ишинде әмелге асырылған бул унамлы өзгерислер тек ғана Өзбекстан ушын емес, ал халықаралық жәмийетшилик ушын да пайдалы болды. Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен шөлкемлестирилген Имам Бухарий, Имам Матуридий, Имам Термизий халықаралық илимий-изертлеў орайлары әмелге асырып атырған ири илимий жойбарлардың нәтийжелеринен мусылман мәмлекетлериниң халықлары да руўхый азық алмақта. Соның ишинде, Имам Матуридий халықаралық илимий-изертлеў орайының өзбек ҳәм араб тиллеринде басып шығарылған “Китоб ат-тавҳид”, “Тәвилот ал-Қур‘он” китаплары халықаралық китап көргизбелеринде итибарға ҳәм тән алыўға еристи. Бүгин бул китаплар матуридия тәлийматы менен шуғылланыўшы илимпазлар ҳәм изертлеўшилердиң жумыс столындағы тийкарғы дерекке айланып үлгерди.
Мақалада Өзбекстандағы диний тараўдағы реформалар, бәринен бурын, нызам үстинлигине сүйенип, мәмлекетимиздиң дүньялық, демократиялық мәмлекет екенине тийкарланатуғыны атап өтилген. Соның менен бирге, ҳәр қыйлы дин ўәкиллерине ибадат ҳәм мәресимлерди тыныш-татыў шараятта, кеўил арқайынлығында орынлаў, Өзбекстан пуқарасы сыпатында елдиң раўажланыўы ҳәм абаданлығы жолында ҳәмме қатарында мийнет етип, оның нәтийжесин көриў имканияты жаратылғаны бүгин дүньяның ҳәр қыйлы аймақларында диний тийкардағы келиспеўшилик ҳәм айырмашылық кейпияты күшейип атырған шараятта оғада әҳмийетли екенине итибар қаратылған.
ӨзА