Быйылғы акцияларға 5000 ға шамалас пуқараны қамтыў режелестирилген

Усы жылдың 18-19-август күнлери “Юксалиш” ҳәрекети тәрепинен, Өзбекстан Нотариал палатасы менен биргеликте “Нотариуслерден бийпул ҳуқықый билимлер!” сүрени астында гезектеги акцияны өткериў режелестирилген болып, мақсет – пуқаралардың ҳуқықый мәдениятын арттырыў, халық пенен пикирлесиў механизмин жаратыў, ҳуқықты қолланыў тараўында машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыўға қаратылған пикир-усынысларды таярлаў, сондай-ақ, пуқараларға ҳәр қыйлы ҳуқықый машқалалы мәселелерде әмелий жәрдем көрсетиўден ибарат.
Бул ретки акция Тақыятас районындағы әскерий бөлимде өткерилип, нотариус ҳәм юрист хызметкерлер тәрепинен әскерий хызметтегилерге бийпул ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.
Акция даўамында әскерий хызметтегилерге турақ жай, квартира, хызмет турақ жайы, қәнигелестирилген турақ жайлар ижара шәртнамасы (қосымша ижара), нызамшылық ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған басқа да мәселелер бойынша түсиниклер берилди. Соның менен бирге мүлк алды-саттысы, мийрас ҳуқықы, шаңарақлық қатнасықлар ҳәм неке шәртнамасын рәсмийлестириў, исеним хаты ҳәм арзаны рәсмийлестириў, саўға, ижара, ҳүжжет аўдармасын тастыйықлаў ҳәм миграция ҳәм нотариал тараўға байланыслы болмаған ҳәр қыйлы мәселелерде мүрәжатлар келип түсти ҳәм оларға түсиниклер берилди.
Әскерий хызметтегилер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Илаж жуўмағында жәми 17 пуқараға ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди. Соннан жетеўи мийрас мәселесинде ҳәм оны басқа нотариал ҳәрекетлер бойынша болды.
Мағлыўмат ушын, “Юксалиш” ҳәрекети ҳәм Нотариал палата арасындағы бирге ислесиў 2020-жыл сентябрь айында еки шөлкем арасында қол қойылған Меморандум шеңберинде жолға қойылған. Усы ўақытқа шекем пуқаралардың ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәдениятын арттырыў, нотариат тараўын реформалаў процесине пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллери, эксперт ҳәм илимпазларды жедел тартыў, соның ишинде, қайырқомлық илажлары ҳәм орынларда үгит-нәсиятлаў жумысларын өткериў менен бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша келисимлерге ерисилди.
Акция 2020-жылдан баслап 6 жыл даўамында әмелге асырылып, қамтып алыў 2020-жылы 607, 2021-жылы 1166, 2022-жылы 2235, 2023-жылы 4140, 2024-жылы 4320 пуқараға көбейген. Быйыл да 5000 ға шамалас пуқараға бийпул мәсләҳәтлер бериў режелестирилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги