Биринши мәрте рак клеткаларында деменцияга уқсас процесслер анықланды

1225

Шотландиядағы Cancer Research UK Scotland илимпазлары адамларда рак пайда болыўынан алдын деменцияга уқсас кеселликлерди анықлады, деп жазбақта сырт ел басылымлары.

Бул ашылыў ең қурамалы онкологиялық кеселликлерден бири болған асқазан асты бези рак кеселлигиниң алдын алыў ҳәм емлеў усылларын ислеп шығыўға жәрдем бериўи мүмкин.

Асқазан асты бези раги ең қәўипли өспелерден бири есапланады ҳәм көбинесе оғада кеш басқышларда анықланады, бул болса емлеў имканиятын шеклейди, делинеди хабарда.

Қарақалпақстан хабар агентлиги