Байланыс ҳәм мәлимлемелестириў хызметлериниң көлеми 35,3 триллион сумға жеткен

166

Бүгин турмысымыз, жумысымызды байланыс қуралларысыз, мәлимлемесиз  көз алдымызға келтириў қыйын. Ҳәр бир тараў ҳәм тармақта байланыс ҳәм мәлимлемелестириў хызметлериниң орны артып бармақта. Медицина болсын, билимлендириў болсын, қаржы-экономика  ямаса өндирис тармағы болсын, барлығында компьютер технологиялары, байланыс хызметлеринен кең ҳәм нәтийжели пайдаланылмақта. Бул болса, әлбетте, тараўлардың раўажланыўына хызмет етиўи менен халыққа қолайлықлар жаратады, тезликти арттырады.

Сонлықтан да мәмлекетимизде мәлимлемелестириў ҳәм компьютер программаластырыў хызметлерин жедел раўажландырыўға тийкарғы әҳмийет қаратылмақта. Бул бағдарда белгили бир ҳуқықый   тийкарлар жаратылып, программалық ўазыйпалар белгиленген.

Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына  бола, 2025-жылдың январь-июнь айларында республикамызда байланыс ҳәм мәлимлемелестириў хызметлериниң көлеми 35,3 триллион сумға жеткен. Бул көрсеткиш өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 22,1 процент өсти.

Байланыс ҳәм мәлимлемелестириў хызметлериниң улыўма көлеминде ең үлкен үлес компьютер  программаластырыў хызметлерине туўра келип, 40,7 процентти қурайды. Бул хызмет түри 28,4 процентке өскен.

Демек, елимизде мәлимлемелестириў хызметлери жылдан-жылға кеңейип, өсип атырғанын усы санлардан да  көринеди. Бул тараў күнделикли жумысымыздың ажыралмас бөлегине айланып  үлгерген әҳмийетли тармақ болып есапланады.

Муҳтарама Комилова,

ӨзА