Өзбекстанға Қытай делегациясы  келди

124

Инсан ҳуқықларын үйрениў бойынша Қытай жәмийети турақлы комитети  баслығының орынбасары Цзян Цзяньго басшылығындағы делегация ағзалары мәмлекетимизге келди.

Мийманларды  Ташкент халықаралық аэропортында Инсан ҳуқықлары бойынша  Өзбекстан Республикасы Миллий орайы директорының биринши орынбасары Мирзатилла Тиллабоев күтип алды.

Қытай Халық Республикасы делегациясының сапары Өзбекстан Республикасы Жоқары суды  басшылығы менен ушырасыўдан басланды. Сапар бағдарламасында, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги  ҳәм  Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайында ушырасыўлар  өткериў белгиленген.

Сапардың екинши күнинде  пайтахтымызда Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпинниң өзбек тилинде биринши мәрте басып шығарылған «Инсан ҳуқықларын ҳүрмет  етиў ҳәм кепилликлеў ҳаққында» атлы китабының презентациясы болып өтеди.

Буннан тысқары, усы китаптың мазмун-мәнисине бағышланған илимий-әмелий  семинар өткериў режелестирилген.

Н.Абдураимова, ӨзА