Ҳәр бир тил – жаңа имканият

144

Бүгинги глобалласыў дәўиринде көп тиллилик, яғный полиглотлық – инсан потенциалының ең әҳмийетли көрсеткишлеринен бири болып қалмақта. Әсиресе, бул процесстиң балалық дәўиринен басланыўы тек ғана тил билиў қәбилетин емес, ал шахстың интеллектуаллық, мәдений ҳәм социаллық раўажланыўын да сезилерли дәрежеде тәмийинлейди.

Ҳәзирги күнде көплеген ата-аналар перзентлерине рус, инглис ҳәм басқа да шет тиллерин бақша ҳәм баслаўыш класстан үйретиўди қәлейди. Бул болса полиглот болыў ушын қойылған дәслепки қәдемлерден бири деп айтыў мүмкин.

Полиглот – бир неше тиллерди еркин яки жоқары дәрежеде билетуғын инсан. Тил билиминде бул атама әдетте үш ямаса оннан артық тилди билетуғын адамларға байланыслы қолланылады. Полиглотлық тек ғана лингвистикалық билим емес, ал ҳәр бир тил артындағы мәденият ҳәм ойлаў усылын да аңлатады.

Илимий изертлеўлер соны көрсетеди, инсан мийи әйне ерте жаста тил үйрениўге биологиялық жақтан бейимлескен болады.

Бул дәўирде бала фонетикалық сеслерди тез ажыратып алыў, еситкенин тәкирарлаўда жоқары дәрежеге ийе болады. Буннан тысқары, балалар тилде қәте ислеўден қорықпайды. Олар қәтени процесстиң бир бөлеги сыпатында қабыл етип, еркин сөйлеўде даўам етеди. Бул болса тиккелей тәбийғый ҳәм тез үйрениўге жол ашады.

Мысал ушын, егер бала мектепке шекемги жаста өзиниң ана тилин қәлиплестирсе, бақшада рус тилинде сөйлесиўди үйренип, баслаўыш классларда инглис тилин өзлестире басласа – бул тәбийғый ҳәм нәтийжели полиглотлық моделине айланыўы мүмкин.

Үйрениў ушын шет тилин таңлаў да айрықша итибарды талап етеди. Мысал ушын, ҳәзирги ўақытта инглис тили – глобал байланыс тили ҳәм дүньяның жүзден аслам мәмлекетлеринде қолланылады. Интернет, илим, технология, бизнес ҳәм билимлендириўдиң тийкарғы бөлеги де инглис тилинде.

Өзбекстан ҳәм басқа да ҒМДА мәмлекетлеринде рус тили елеге шекем кең түрде қолланылады. Билимлендириў, илим ҳәм техника бағдарындағы көплеген дәреклер рус тилинде. Дәреклер менен ислесиў ҳәм коммуникация сыпатында бул тил де мақсетке муўапық.

Ислам дини тийкар болған жәмийетлер ушын араб тили Қуран, ҳәдис ҳәм диний билимлерди түсиниў ушын зәрүр. Ҳәриплер ҳәм айтылыўлар жаслар санасында жақсырақ есте қалады. Бул тилди ерте үйрениў келешекте диний билимлерди үйрениўге тийкар болады.

Қытай дүньяның ен ири экономикалық мәмлекетлеринен бири. Қытай менен саўда, илим, технологиялық байланыслар артып бармақта. Сеслер ҳәм иероглифлерди ерте жаста аңсатырақ өзлестириў мүмкин.

Түрк тили грамматика ҳәм сөзлик байлығы жағынан өзбек тилине жақын болғаны ушын өзлестириў аңсатырақ болады.

Француз, немис, испан тиллери – Европа ҳәм халықаралық дипломатиялық байланыслар ушын әҳмийетли. Бул тиллер ЮНЕСКО, Европа Аўқамы ҳәм басқа да көплеген халықаралық шөлкемлерде қолланылады. Француз ҳәм немис тиллери Европада жоқары билим алыўды қәлеўшилер ушын қолайлы.

Жадид бабаларымыз да буннан жүз жыллар алдын тил билиўдиң күшин аңлаған ҳәм бул бағдарда ибратлы из қалдырған. Мәселен: Беҳбудийдиң “Еки емес төрт тил керек” мақаласында сол дәўир ушын шет тиллерин үйрениў зәрүрлиги анық мысал ҳәм таллаўлар менен келтирип өтилген. Тил үйрениўдиң әҳмийети әсирлер бурын қандай әҳмийетли болған болса, бүгинги күн ушын ең актуал мәселелерден бири.

Жаслықтан полиглот болыў ҳәм бул билимлерди әмелиятта жедел қоллана алыў келешекке қойылған ең үлкен интеллектуаллық инвестиция. Көп тиллилик тек билим емес, ал жаңа көзқарас, мәдениятлараралық байланыс ҳәм заманагөй жәмийетте табыслы болыў имканиятын береди. Тил үйрениў процеси инсан ушын жағымлы шынығыўға айланса ҳәм әмелиятта қолланылса, өсиў ҳәм раўажланыў ушын ҳәр тәреплеме унамлы болады.

Дилдора ДЎСМАТОВА, ӨзА