Айырым шахслардың Өзбекстаннан шығыўы бойынша қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте

Жынаят процесинде мәжбүрлеў илажлары институты жетилистириледи.
Нызам менен айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилди.
Нызам менен суд тәрепинен айырым шахслардың Өзбекстаннан шығыў ҳуқықын ўақтынша шеклеўге байланыслы тәртипти нәзерде тутатуғын қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.
Киргизилген қосымшаларға бола, Өзбекстаннан шығып кетиў ҳуқықын ўақтынша шеклеў гүман етилиўши, айыпланыўшы ямаса судланыўшыға қамаққа алыў илажы қолланылмаған, бирақ Өзбекстаннан шығып кетип, судтан кеширимли себеплерсиз бас тартыўы ушын тийкарлар бар болғанда қолланылады.
Прокурор, тергеўши, сорастырыўшы Өзбекстаннан шығыў ҳуқықын ўақтынша шеклеў ҳаққында өтиниш хат қозғатыў ҳаққында усы мәжбүрлеў илажларын қолланыў тийкарларын баян еткен ҳалда қарар шығарады.
Өтиниш хаты келип түскен ўақыттан баслап 8 сааттан кешиктирмей жабық суд мәжилисинде көрип шығылады.
Судья өтиниш хатты көрип шығып, Өзбекстаннан шығыў ҳуқықын ўақтынша шеклеў ямаса оны бийкарлаў ҳаққында қарар шығарады.
Уйғарыў үстинен 48 саат ишинде шағым берилиўи ямаса протест келтирилиўи мүмкин.
Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги