Суў тәмийнаты төмен суўғарылатуғын майданлардың көлеми қысқартылады

«Өзбекстан Республикасында суў ресурсларын басқарыў ҳәм ирригация секторын раўажландырыўдың 2025-2028-жылларға мөлшерленген бағдарламаны тастыйықлаў ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық, Өзбекстан Республикасында суў ресрусларын басқарыў ҳәм ирригация секторын раўажландырыўдың 2025-2028-жылларға мөлшерленген бағдарламасын әмелге асырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип төмендегилер белгиленди, соның ишинде:
– ирригация тармақларының 2 551 км бөлегин реконструкциялаў, усы мақсетлер ушын ҳәр жылы Мәмлекетлик бюджеттен кеминде 1,3 трлн. сум ажыратыў ҳәм халықаралық қаржы институтлары қаржыларынан 300 млн АҚШ долларын өзлестириў;
– суў тәмийнаты дәрежеси төмен болған суўғарылатуғын майданлардың көлеми 424 мың гектардан 276 мың гектарға шекем қысқартыў.
Қарар менен Суў ресрусларын ақылға уғрас басқарыў, олардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм қорғаў жумысларын муўапықластырыў бойынша республикалық суў кеңесиниң қурамы тастыйықланды.
Буннан тысқары, Қарарға муўапық, 2025-жылдың жуўмағына шекем белгиленген 15 насос станциясына альтернатив энергия дәреклери (қуяш панеллери) ҳәм энергия үнемилеўши қурылмаларды орнатыў жойбары әмелге асырылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги