Нөкис қаласында «СҚБ ЭКО ЯРЫМ МАРАФОН»ы болып өтти

Нөкис қаласында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў ҳәм экология мәселелерине итибар қаратылған ири спорт илажы – «СҚБ ЭКО ЯРЫМ МАРАФОН» шөлкемлестирилди.
Марафонда қала халқы ҳәм мийманлары белсене қатнасып, 5 км, 10 км ҳәм 21 км аралықларда жуўырыў беллесиўлерине 2 мыңға шамалас қатнасыўшы қосылды.
Илаждың ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов қатнасыўшыларға мүрәжат етип, оларға әўмет ҳәм күш-ғайрат тиледи. Сондай-ақ, марафонда Өзбекстан Санаат Қурылыс банки маркетинг департаментиниң директоры А.Маджидов, Green banking департаментиниң директоры Б.Султонмуродов, сондай-ақ, Спорт министри Е.Қутыбаев та қатнасты.

Ашылыў мәресиминен соң старт берилди ҳәм қатнасыўшылар белгиленген аралықлар бойынша өз имканиятларын сынап көрди.
Жарыс жуўмағында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерине баҳалы саўғалар ҳәм ақшалай сыйлықлар тапсырылды.

«СҚБ ЭКО ЯРЫМ МАРАФОН»ы тек ғана саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў емес, ал халық арасында экология ҳәм қоршаған орталықты сақлаў мәселелерине итибарды күшейтиўге қаратылғаны менен әҳмийетли болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги