Нөкистиң ғайратлы кекселери беллести
210

Нөкис қаласында «Ғайратлы кекселер» сүрени астында миллий гүрес бойынша нураный спортшылар арасында жарыс болып өтти.
Қызғын беллесиўлерге бай өткен жарыс соңында, 80 кг салмақта биринши орынды Палўанияз Сейтимов жеңип алыўға миясар болды. Сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар Қанатбай Есмурзаев ҳәм Ҳамрақул Шамукуловларға несип етти.



Ал, +80 кг салмақта болса, Нурқабыл Дәўлетияров барлық қарсыласларын жеңип шығып, жарыстың республикалық басқышына жолламаны қолға киргизди.
Екинши ҳәм үшинши орынларды болса, Мақсет Қутлымуратов ҳәм Азатбай Нийетуллаевлар жеңип алды.
Жарыс соңында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы