Ҳаял-қызлардың белсендилиги арттырылмақта

233

Жәмийеттиң раўажланыўында ҳаял-қызлардың орны айрықша. Әсиресе, олардың экономикалық еркинлиги, жеке потенциалын жүзеге шығарыўы ушын жаратылып атырған шараятлар олардың өмирге болған көзқарасларын өзгертип, келешекке деген исенимин беккемлемекте. Бул бағдарда системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Төрткүл районында өткерилген мәжилисте әне, усы мәселелер додаланды. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы М.Ахмедованың қатнасыўында шөлкемлестирилген ушырасыўда ҳаял-қызларды исбилерменлик ҳәм өнерментшиликке кеңнен тартыў, олардың белсендилигин арттырыў бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды.

Район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлиминиң мағлыўматына бола, илажда қатнасқан ҳаял-қызларға бар имканиятлар, өз бизнесин жолға қойыў, өнимлерин базарға алып шығыў жоллары ҳаққында кең түсиниклер берилди. Олардың жеке басламаларын қоллап-қуўатлаў, әмелияттағы қыйыншылықларды сапластырыў механизмлери де додаланды. Бул болса қатнасыўшыларда және де үлкен қызығыўшылық оятты.


Бундай ушырасыўлар ҳаял-қызлардың турмыстағы белсендилигин күшейтиў, жәмийетте өз орнын табыўына хызмет етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги