Тез арада оқыў басланады: балаға рюкзакты қалай таңлаў керек?

157

Педиатрдиң айтыўынша, надурыс таңланған ямаса ҳәдден тыс аўыр портфель (дурысырағы, рюкзак) сүйек-булшық ет системасы еле қәлиплесиў процесинде болған балалар ҳәм жас өспиримлердиң тек ғана қәдди қаўметине емес, ал ишки ағзаларының ис-ҳәрекетине де унамсыз тәсир етиўи мүмкин.

Соның ушын рюкзак таңлаў ҳәм оны алып жүриўге айрықша итибар қаратыў керек.

Сумка ямаса рюкзакты бәрқулла бир ийинде көтериў сколиозды қәлиплестириўи мүмкин. Аўыр рюкзак ийин белбеўи ҳәм белди зорықтырады, ақыбетинде бала алдыға ямаса қапталға еңкейип жүриўге мәжбүр болады, буның ақыбетинде ишки ағзалардың қысылыўы, қан айланыўының бузылыўы, дем алыўдың қыйынласыўы, жүрек соғыўының тезлесиўи ҳәм бас айланыўы сыяқлы унамсыз жағдайлар келип шығыўы мүмкин.

Ҳәдден тыс зорығыў, қалаберсе, аяқларға да зыянлы: жүриўди қыйынластырыўдан тысқары, аяқ ҳәм бел аўырыўын келтирип шығарады, аяқ буўынларында патологиялық өзгерислерге алып келиўи мүмкин.

Жүклемени азайтыў ушын рюкзак баланың ийин кеңлигинде, жоқары шети ийин бийиклигинде, төменги шети бел бийиклигинде болыўы керек. Баўлары жумсақ ҳәм кең (4-8 см), сазланыўшы болыўы керек. Жолда қәўипсизлик ушын жақтылықты қайтарыўшы элементлердиң болыўы мақсетке муўапық.

Рюкзактың салмағы:

– баслаўыш класс оқыўшылары ушын – 700 граммға шекем;

– орта ҳәм жоқары класслар ушын – 1 килограммға шекем болыўы керек.

Сабақлықлар ҳәм оқыў қуралларының салмағы төмендеги нормадан аспаўы керек:

1-2-класслар – 1,5 кг;

3-4-класслар – 2 кг;

5-6-класслар – 2,5 кг;

7-8-класслар – 3,5 кг;

9-11-класслар – 4 кг-, деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги