Латвияның жаңа елшиси Өзбекстан сыртқы ислер министрине исеним жарлықларының нусқаларын тапсырды

165

Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Латвияның жаңадан тайынланған елшиси Яунземс Гирцти қабыллады.

Бул ҳаққында Өзбекстан СИМ басшысы өзиниң telegram—каналында мәлим етти.

“Латвияның Өзбекстандағы жаңадан тайынланған елшиси Яунземс Гирс мырзадан исеним жарлықларының нусқаларын қабыл еттик.  Мәмлекетлеримиз арасындағы көп жыллық байланысларды және де беккемлеўге, өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң жаңа имканиятларын ҳәм еки тәреплеме, ҳәм регионаллық көлемде ашыўға таяр екенимизди билдирдик.

Елши Мырзаны усы лаўазымға тайынланғаны менен қызғын қутлықлаймыз ҳәм мәмлекетимиздеги дипломатиялық миссиясында табыслар тилеймиз».

Қарақалпақстан хабар агентлиги