Иран президенти Нетаньяхуды қыялый әрманларға берилмеўге шақырды

Иран Ислам Республикасы жетекшиси Масуд Пезешкиён Израиль бас министри Бинямин Нетяньяхудың мәмлекеттеги суў жетиспеўшилигин шешиў бойынша жәрдем усынысын кескин сынға алды. Оның сөзлерине бола, Газа халқын суў ҳәм азық-аўқаттан айырып атырған мәмлекеттиң бундай ўәделери “тек ғана қыялый сөзлер болып табылады”.
Нетяньяху сийшемби күни иранлыларға жоллаған видеомүрәжатында Иранның аўыр суў тамтарыслығын шешиўге жәрдем беретуғынын айтты.
Пезешкиён болса ҳүкимет мәжилисинде буған жуўап ретинде “Жалған мийрим-шәпәәт көрсетиўден алдын Газа ҳәм ол жердеги қорғаўсыз халыққа, әсиресе, балалардың жағдайына ашынсын” деп атап өтти.
Бизге белгили, Иран ҳәзирги ўақытта суўдың кескин жетиспеўшилиги ҳәм электр энергиясының жетиспеўшилигине дус келмекте. Ҳүкимет ыссы толқынлар ҳәм артып баратырған энергия тутыныўы себепли мәмлекеттиң үлкен бөлегинде мәмлекетлик уйымлар ҳәм банклерди ўақтынша жабыўға мәжбүр болды.
Ҳәзирги ўақытта Тегеранда ҳаўа температурасы 40°С тан артпақта. Халыққа күнниң ең ыссы ўақытларында далаға шықпаў, суў ҳәм электрден үнемли пайдаланыў усыныс етилди. Елимизде саатына 62 мың мегаватт электр ислеп шығарылмақта, бирақ талап 80 мың мегаватты қурайды. Ҳәзирги еки саатлық гезекпе-гезек электр үзилислери жақында төрт саатқа шекем созылыўы мүмкин.
Пезешкиённиң сөзлерине бола, суў резервлери “аяқ астында да, плотиналар артында да қалмаған” ҳәм мәмлекет “аўыр кризис”ке дус келген. Ҳәзирги ўақытта қәнигелер менен машқаланы шешиў жолларын излемекте.
Мусулмон Зиё, ӨзА