Социаллық хызметкердиң ўазыйпалары ҳәм миннетлемелери белгиленбекте (+видео)

Нызам жойбарына түсиник
Елимизде социаллық қорғаўға мүтәж шахсларға мәмлекет тәрепинен социаллық жәрдем көрсетиў мәселелерине тийкарғы әҳмийет қаратылмақта. Себеби, жаңаланған Бас нызамымыз бенен Өзбекстан социаллық ҳәм дүньялық мәмлекет екени беккемлеп қойылды.
Социаллық жәрдем ҳәм жәрдем мәселелери, мәмлекетлик уйымлардың бул бағдардағы ўазыйпалары, улыўма, социаллық жумыс тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыў мақсетинде “Социаллық жумыс ҳаққында”ғы нызам жойбары ислеп шығылды. Хош, жойбарда қандай норма ҳәм жаңалықлар билдирилип атыр?
Бул нызам жойбарының мазмуны ҳәм онда нәзерде тутылып атырған нормаларды Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Моҳира Хўжаева толық түсиндирип берди.
Депутаттың атап өтиўинше, бул нызам жойбары менен социаллық жумыс тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы принциплери, социаллық жумыс тараўында арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым ҳәм оның ўәкилликлери, социаллық хызметкердиң ўазыйпалары менен миннетлемелери белгиленбекте.
Аўыр социаллық жағдайға түсип қалған социаллық қорғаўға мүтәж шахслар (шаңарақлар) дың социаллық қорғалыўын тәмийинлеў, социаллық жумысты шөлкемлестириў ҳәм социаллық қорғаў тараўындағы қатнасықлар тәртипке салынбақта.
Сондай-ақ, жойбарда социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақ (шахс) ты анықлаў ҳәм оларды социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақ (шахс) деп табыў тийкарлары, социаллық хызметлер ҳәм жәрдемнен пайдаланыўшылардың ҳуқықлары менен миннетлемелери де сәўлеленбекте. Социаллық хызметлер ҳәм жәрдемниң түрлери менен формаларына анықлық киргизилмекте.
Толық мағлыўмат төмендеги видео силтемеде.
ӨзА