Мәс ҳалында жүз берген ЖТҲ ушын жаза күшейтиледи – жойбар

145

Президенттиң 2025-жыл 2-апрельдеги 18-1-600/2-санлы тапсырмасының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Ишки ислер министрлиги тийисли нызам жойбарын ислеп шықты.

Жойбар менен, соның ишинде, ЖТҲларды мәс ҳалында ямаса нәшебентлик қураллары, олардың аналоглары, психотроп ямаса шахстың ақыл-ойына тәсир ететуғын басқа да элементлер тәсиринде ислегени ушын жазаны күшейтиў усыныс етилип, онда ЖКниң 266-статьясы 2-бөлиминиң диспозициясын жаңа редакцияда қабыл етип, мәс ҳалында ямаса нәшебентлик қураллары, олардың аналоглары, психотроп ямаса шахстың ақыл-ойына тәсир ететуғын басқа да элементлер тәсиринде болған шахс тәрепинен исленген ЖТҲларды өз алдына жынаят қурамы сыпатында белгилеў усыныс етилмекте.

Яғный, транспорт қуралын басқарыўшы шахс тәрепинен транспорт қуралларының ҳәрекети ямаса олардан пайдаланыў қәўипсизлиги қағыйдаларын бузыў денеге аўыр жарақат жеткериўге себеп болса, үш жылға шекем белгили бир ҳуқықтан айырып, базалық есаплаў муғдарының елиў есесине шекемги муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

Усы қылмыс мәс ҳалында ямаса нәшебентлик қураллары, олардың аналоглары, психотроп ямаса шахстың ақыл-ойына тәсир етиўши басқа да затлар тәсириндеги шахс тәрепинен исленген болса, белгили ҳуқықтан айырыў менен жети жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

Мағлыўмат ушын, 2021-жылда жәми жол-транспорт ҳәдийселериниң улыўма саны 10 001 ди қурап, соннан, 2 197 и өлим менен байланыслы жағдайлар, 7 804 и дене жарақаты менен байланыслы жағдайларды қураған.

Сондай-ақ:

– 2022-жылы 9 902 жол-транспорт ҳәдийсесинен 2 086 өлим, 7 816сы дене жарақатына байланыслы;

– 2023-жылы 9 712 жол-транспорт ҳәдийсесинен 2 282си өлим, 9 214 и дене жарақаты менен байланыслы;

– 2024-жылы 9 364 ЖТҲдан 2 203 и өлим, 8 901 и дене жарақаты менен байланыслы;

– 2025-жылдың 3 айы даўамында 1 293 ЖТҲдан 296сы өлим, 1 279ы дене жарақаты менен байланыслы жағдайларды қураған,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги