Қарақалпақ балалары Ферғанада дем алмақта (+видео)

138

Ферғана ўәлаяты ҳәм Қарақалпақстан Республикасы арасындағы экономикалық бирге ислесиў нәтийжесинде мыңлаған жаңа жумыс орынлары жаратылды, өндиристиң түрли бағдарлары ашылды. Бизге белгили, Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы менен Қарақалпақстанның қала ҳәм районлары мәмлекет ўәлаятларына бириктирилген. Соның ишинде, Бозатаў районында экономикалық реформаларды әмелге асырыўда Ферғана ўәлаяты бирге ислеспекте. Бирақ қатнасықлар социаллық тараўлар, мәденият, спорт, туризм бағдарларын да қамтып алды. Мине үш жылдан берли, қарақалпақ мийнет ветеранлары ҳәм балалары жазғы дем алыс ўақтында Ферғана ўәлаятындағы санаторий ҳәм балалар дем алыў орынларында дем алады. Усы күнлерде болса Ферғана районының “Таң” балалар дем алыў орайы 50 қарақалпақстанлы оқыўшыны қабыл еткен.

– Мен Бозатаў районынанман. Фергана жүдә гөззал ҳәм салқын екен. Дем алыў орайында көплеген дослар арттырдым. Бул жер маған жүдә унады, – дейди Зарина Раҳимбердиева.

– Өткен жылы жазда классласларым Ферғанаға келип дем алған еди. Олардың тәсирлерин еситип, быйыл мен де келдим. Ферғана, “Таң” лагери зор екен. Барлық шөлкемлестириўшилерге үлкен рахмет, – дейди Гүлжамал Қўшбергенова.

“Таң” ўәлаяттың ең сулыў Чимён аўылында жайласқан. Бир мәртелик қабыллаў ўақтында 200 бала дем алады. Бул жерде олар ушын барлық шараят жаратылған. Ҳәр қыйлы дөгереклер, спорт майданшалары, интеллектуаллық сабақ ханалары, китапхана, бассейн бар.


– Ферғанадағы дем алыў орынлары өткен жылы да қарақалпақ балаларын баўырына басқан еди. Бағдарламаға бола, қарақалпақ нама ҳәм қосықлары, аяқ ойынлары көрсетилетуғын айрықша күн бар. Олар аўызбиршиликли, татыў ҳәм бахытлы екенинен қуўанышлымыз, – дейди Жаслар агентлиги Бозатаў районлық бөлиминиң жуўаплы хызметкери Адилбай Зоиров.

Көп миллетли Өзбекстан халықлары татыў ҳәм аўызбиршиликте жасамақта. “Күш – бирликте” деген сүрен усындай илажларда жаслардың турмысына да сиңип барады.

Муҳаммаджон Обидов, Элёр Олимов (сурат, видео), ӨзА