Өзбекстанлы самбошылардың дүнья аренасындағы табысы

Усы жылдың 12-16-август күнлери Қытайдың Ченду қаласында спорттың самбо түри бойынша жигитлер ҳәм қызлар арасында Жәҳән ойынлары болып өтпекте. Жарыста дүньяның түрли мәмлекетлеринен жетекши самбо спортшылары қатнаспақта.
Кешеги күндеги беллесиўлер Өзбекстан сайланды командасы ушын табыслы жуўмақланды. Спортшыларымыз жәми төрт медальды қолға киргизди – 1 алтын, 1 гүмис ҳәм 2 қола.
Ең үлкен жетискенликке Шаҳзода Азатова еристи. Ол -59 кг салмақ категориясындағы беллесиўлерде барлық қарсыласларын жеңип, биринши орынды ийеледи ҳәм алтын медаль ийесине айланды. Бул нәтийже тек ғана оның жеке жетискенлиги емес, ал Өзбекстан сайланды командасының абырайын және де жоқары көтерди.
Өзбекстанлы самбошылардың бул табысы мәмлекетимиз спорт тарийхына және бир жарқын бет сыпатында киретуғынына гүман жоқ.
Қарақалпақстан хабар агентлиги