Өзбекстандағы диний-ағартыўшылық реформалар сырт елдиң жетекши басылымларының нәзеринде

131

Мәмлекетимизде Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы тийкарында диний-ағартыўшылық тараўларда алып барылып атырған реформалар, унамлы өзгерислер халықаралық көлемде де жоқары тән алынбақта.

Дүнья мусылманлары турмысына байланыслы ең исенимли ҳәм қалыс мағлыўматлар жәрияланатуғын белгили “Islamonweb” порталында Малайзия халықаралық ислам университетиниң профессоры Шукран Абдулраҳмон ҳәм Имам Мотуридий халықаралық илимий-изертлеў орайы директорының орынбасары Шаҳзод Исломовтың “Илим – миллий раўажланыў ҳәм глобал тынышлықтың беккем тийкары” атамасындағы мақаласы жәрияланды.

Мақалада атап өтилгениндей, бай илимий-руўхый тийкарға ийе Жаңа Өзбекстанда соңғы жыллары халықаралық илимий жәмийетшиликтиң итибарын өзине тартқан әҳмийетли реформалар әмелге асырылмақта.

Өзбекстан миллий қәдириятлар, тарийхый тәжирийбе ҳәм заманагөй билимлерди үйлестириў арқалы турақлы раўажланыўға умтылмақта. Бул елдеги барлық унамлы өзгерислер халықтың талап ҳәм тилеклерине тийкарланып, кеңпейиллик, раўажланыў ҳәм ағартыўшылық принциплерине садық қалған ҳалда алып барылмақта.

Мақалада жазылыўынша, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң идеясы тийкарында шөлкемлестирилген Халықаралық исламтаныў академиясы, Имам Бухарий, Имам Матуридий, Имам Термизий халықаралық илимий-изертлеў орайлары, Ҳадис илими мектеби, Мир Араб жоқары медресеси қысқа ўақыт ишинде үлкен илимий жойбарларды әмелге асырып, Өзбекстанның илимий-ағартыўшылық орайы сыпатындағы халықаралық имиджин арттырыўға хызмет етпекте.

Н.Усмонова,

ӨзАныӊ хабаршысы